Өзбекстан - АҚШ стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да кеңейтиў, соның ишинде, парламентлераралық сөйлесиўди беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Парламентлераралық сөйлесиў ҳәм алмасыўлар жедел раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Конгресс Сенаты ҳәм Ўәкиллер палатасының ағзалары Өзбекстанға турақлы сапар етпекте. "Өзбекстан менен бирге ислесиў бойынша кокус" жедел ислемекте, оның қурамы кеңеймекте. Конгрессте ҳәр жылы еки мәмлекет парламентлери арасындағы бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет етип атырған Өзбекстан күнлери өткерилип келинбекте.

АҚШтың Миссисипи штаты менен саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларға жоқары баҳа берилди.

Өзбекстан менен АҚШ арасындағы стратегиялық шерикликти буннан былай да кеңейтиў, жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыўда Конгресстиң қоллап-қуўатлаўы әҳмийетли екени атап өтилди.

Сөйлесиў жуўмағында жақында Конгресс делегациясы ҳәм Миссисипи штаты исбилерменлериниң Өзбекстанға сапарларын шөлкемлестириўге келисип алынды.