Биргеликтеги жойбарлар шеңберинде еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў мәресиминиң әмелий нәтийжелери көрип шығылды.

Өзбекстан менен АҚШ арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықлары, бәринен бурын, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўларда исенимли пәт пенен раўажланып атырғаны атап өтилди.

Өз-ара саўда көлемин кеңейтиў илажлары әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Мәселен, өткен жылы товар алмасыў көлеми 1 миллиард доллардан артты.

Мәмлекетимиздиң ЖСШға ағза болыўын жуўмақлаў мәселелеринде әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм АҚШ тәрепинен бул процесслерди буннан былай да қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылды.

Турақлы жеткерип бериў, техникалық жақтан тәртипке салыў ҳәм санлы саўда бойынша регионаллық көзқарасларды ислеп шығыў мақсетинде Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм АҚШ арасындағы Саўда ҳәм инвестициялар бойынша шеңбер келисим (TIFA) шеңбериндеги бирге ислесиўди жеделлестириў усыныс етилди.

Ушырасыў соңында Өзбекстан Президенти Джеймисон Грирди усы жылдың июнь айында Ташкент халықаралық инвестициялық форумында қатнасыўға мирәт етти.