Илажда АҚШ Президентиниң Қубла ҳәм Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили Сержио Гор, глобал шерикликлер бойынша арнаўлы ўәкили Паоло Замполли, саўда министриниң орынбасары Уильям Киммитт, Америка - Өзбекстан саўда палатасының баслығы Кэролин Лэмм, “Franklin Templeton”, “Citigroup”, “BNY Mellon”, “NASDAQ”, “Boeing”, “Mastercard”, “Visa”, “General Motors”, “Nvidia”, “Oppenheimer”, “Jefferies”, “Air Products”, “Traxys”, “FLSmidth”, “GoGreen Partners”, “Cleveland Clinic”, “Cargill” сыяқлы компаниялардың топ-менеджерлери ҳәм Өзбекстанның ири компанияларының басшылары қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында АҚШ Президенти Дональд Трамп пенен жақында болып өткен сөйлесиўде экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм узақ мүддетли перспективаға мөлшерленген салмақлы жойбарлар портфелин қәлиплестириўге келисип алынғанын айрықша атап өтти. Усы мүнәсибет пенен бул ушырасыў усы ўазыйпаларды алға қойыўда айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
Кейинги жыллары Өзбекстан ҳәм АҚШтың көп қырлы бирге ислесиўи жоқары дәрежеге көтерилди. Товар алмасыў көлеми 8 жылда 4 есеге артты. АҚШтың 300 ден аслам компаниясы Өзбекстанға инвестиция киргизди.
“Franklin Templeton” менен биргеликте Миллий инвестиция қоры шөлкемлестирилди.
Әҳмийетли минералларды қайта ислеў ҳәм турақлы жеткерип бериў шынжырларын қәлиплестириў, ИТ, жасалма интеллект, санластырыў, транспорт, энергетика ҳәм социаллық инфраструктураны раўажландырыў, "ақыллы" аўыл хожалығы, алдынғы технологияларды енгизиў ҳәм көплеген басқа да тараўларда анық жойбарларды алға қойыў экономикалық ҳәм инновациялық шерикликтиң тийкарғы бағдарлары сыпатында белгиленди.
Өз гезегинде, АҚШтың жетекши компания ҳәм банклериниң басшылары Өзбекстан Президентине олардың нәтийжели жумысы ушын жаратылған қолайлы шараятлар ушын миннетдаршылық билдирип, усы тармақларда әҳмийетли жойбарлар менен бағдарламаларды әмелге асырыўда қатнасыў режелерин билдирди.












