Тәреплер Жақын Шығыста жағдай барған сайын кескинлесип, келиспеўшиликлер ҳәм қарама-қарсылықлар күшейип атырғаны айрықша қәўетер оятып атырғанын атап өтти.

Мүбәрек Рамазан айында жүз берип атырған бундай жағдайлар халықаралық ҳуқық нормаларына қайшы екени атап өтилди. Тынышлық ҳәм турақлылыққа қәўип туўдыратуғын ҳәр қандай ҳәрекетлерди кешиктирмей тоқтатыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанның стратегиялық шериги ҳәм жақын досты болған Бирлескен Араб Әмирликлери басшылығы ҳәм халқын қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.

Президентимиз Әмирликлер аймағында болып турған Өзбекстан пуқараларына көрсетилип атырған әмелий жәрдем ҳәм оларды Ўатанға қайтарыў бойынша көрилип атырған илажлар ушын миннетдаршылық билдирди.

БАӘ Президенти, өз гезегинде, Өзбекстан жетекшисине усы қыйын дәўирде көрсетилген қызғын жәрдем, туўысқанлық ҳүрмет ҳәм аўызбиршилик ушын терең миннетдаршылық билдирди.