Мәмлекетимиз басшысы 20-май күни Венгрия Бас министри Виктор Орбан менен тар ҳәм кеңейтилген қурамда сөйлесиўлер өткерди, Миллий мәжилис спикери Ласло Кёвер, Венгрияның жетекши банк ҳәм компанияларының басшылары менен ушырасыўлар өткерди.

Бүгин Өзбекстан жетекшиси Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң рәсмий емес саммитинде қатнасып, көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған бир қатар әҳмийетли басламаларды алға қойды.

Илаж жуўмақланғаннан кейин, Шавкат Мирзиёев рәсмий сапар менен Словенияға жөнеп кетти. Ференц Лист атындағы халықаралық аэропортта жоқары мәртебели мийманды Венгрия рәсмийлери шығарып салды.