Мәмлекетимиз басшысы форумда Европа мәмлекетлеринен қатнасыўшылар санының көбейгени тәреплер экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиўден мәпдар екенинен дәрек беретуғынын атап өтти.
Европа мәмлекетлери менен товар алмасыў көлеми, қоспа кәрханалар саны ҳәм инвестициялар портфели көбейип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Жедел мәдений-гуманитарлық, билимлендириў ҳәм туризм алмасыўлары жолға қойылған.
"Standard Chartered" компаниясы басшысы Саиф Малик пенен киши бизнес ҳәм инфраструктура жойбарларын қаржыландырыў, сондай-ақ, Өзбекстан банклери тәрепинен жаңа кредит линияларын өзлестириў бойынша шерикликти кеңейтиў перспективалары көрип шығылды.
“International Hospitals Group” басқармасының баслығы Честер Кинг пенен клиника қурыў режелери, сондай-ақ, Өзбекстандағы көп тармақлы медицина орайларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында басқарыў мәселелери додаланды.
Ташкент-ситиде “LVMH” флагман дүканын ашыўды тезлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, Өзбекстандағы жипек ҳәм тәбийғый шийки зат ислеп шығарыўшыларды компанияның тәмийнат шынжырына киргизиў имканиятлары додаланды.
“Airbus” компаниясының Европадағы президенти Йохан Пелисье менен сәўбетте авиация тараўындағы шерикликти кеңейтиў перспективаларына айрықша итибар қаратылды. Узақ мүддетли Бирге ислесиў бағдарламасын қабыл етиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Европа компанияларының басшылары Өзбекстан Президентине шын жүректен қабыллағаны ҳәм мәмлекетимизде сырт ел инвесторлары ушын жаратылған қолайлы шараятлар ушын миннетдаршылық билдирди. Экономиканың тийкарғы тармақларында әҳмийетли жойбарлар менен бағдарламаларды әмелге асырыўда буннан былай да қатнасыўға таяр екенин билдирди.