Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Грузия Президенти Михаил Кавелашвилидиң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Саўда-экономика, инвестиция, транспорт-логистика, туризм ҳәм мәденият тараўларындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Парламентлер ҳәм ҳүкиметлер дәрежесиндеги байланыслар жеделлескени айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. 2024-жылы өз-ара товар алмасыў 50 процентке артты, қоспа кәрханалардың саны ҳәм жүк айланысының көлеми көбейди. Пайтахтлар арасында тиккелей авиарейслер әмелге асырылмақта. Мәмлекетимизде грузиялы инвесторлардың қатнасыўында шөлкемлестирилген санлы банк жумыс алып бармақта. Гуманитарлық бағдарда өткен жылы Тбилиси қаласында Өзбекстан мәденияты ҳәм кино күнлери табыслы өткерилди.
Сөйлесиўде усы күнлерде Ташкент қаласында өткен Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилисиниң жуўмақлары жоқары баҳаланды.
Товар алмасыў пәтин сақлап қалыў, экспорт ҳәм импорт тең салмақлылығын тәмийинлеў, санаат кооперациясы жойбарларын алға қойыў, транспорт-транзит потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, сондай-ақ, еки мәмлекет аймақларын экономикалық бирге ислесиўге жедел тартыў бойынша өз-ара муўапықласқан илажлар көриў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Санластырыў ҳәм туризм инфраструктурасын раўажландырыў бағдарындағы шериклик ҳәм алмасыўларды кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.
Ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мақсетинде келешекте Өзбекстан ҳәм Грузия ҳүкиметлери дәрежесинде тығыз бирге ислесиўге келисип алынды.