Өзбекстан Президенти Жәҳән банки менен кең көлемли шерикликтиң нәтийжелерин қанаатланыўшылық пенен атап өтти

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 10-апрель күни Жәҳән банки топарының операциялар бойынша басқарыўшы директоры Анна Бьерде басшылығындағы делегацияны қабыллады.

    Өзбекстанның Жәҳән банки менен кең көлемли стратегиялық бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыў, бәринен бурын, бул глобаллық финанс институты тәрепинен мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған экономикалық реформалар стратегиясын қоллап-қуўатлаў мәселелери көрип шығылды.

    Ушырасыў алдынан Анна Бьерде мәмлекетимиз басшысына Жәҳән банки президенти Ажай Банганың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

    Кейинги жыллары шериклик қатнасықлары жоқары дәрежеге шығып, салмақлы нәтийжелер берип атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

    Бүгинги күнде Өзбекстан банктиң ең ири шериклеринен бири болып есапланады. Жойбарлар портфели 12 миллиард доллардан асты. Жәҳән банки экономиканың тийкарғы тармақлары ҳәм социаллық тараўдың турақлы раўажланыўын тәмийинлеўге қаратылған реформаларды әмелге асырыўда финанслық, консултативлик ҳәм техникалық жәрдем көрсетпекте.

    Банктиң жәрдеминде халықаралық финанс институтларының қатнасыўындағы жойбарлар механизми жетилистирилди, оларды таярлаўды тезлестириў ҳәм сапасын арттырыў бойынша жаңа тәртип қабыл етилди.

    Кәмбағаллыққа қарсы гүресиў, бәринен бурын, туризм тараўында ҳаял-қызлар ҳәм жаслар ушын жумыс орынларын жаратыў, жеке меншик секторды ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў бағдарламаларын қоллап-қуўатлаў, мәмлекетлик кәрханаларды трансформациялаў ҳәм меншиклестириў сыяқлы бағдарлар келешектеги әмелий шерикликтиң тийкарғы бағдарлары сыпатында атап өтилди.

    Углерод шығындыларын қысқартыў, урбанизация ҳәм инфраструктураны модернизациялаў, энергия нәтийжелилигин арттырыў, инвестициялық орталықты жақсылаў, мәмлекетимиздиң ЖСШға ағза болыўына жәрдемлесиў бағдарындағы бирге ислесиў режелерине айрықша итибар қаратылды.

    Ири регионаллық жойбарларды алға қойыў мәселелери бойынша да пикир алысылды.

    No date selected
    May 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates