Өзбекстан Президенти Кувейт Ҳүкимети баслығын қабыллады

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Кувейтке сапары шеңберинде өзи ушын ажыратылған резиденцияда усы мәмлекет Бас министри ўазыйпасын атқарыўшы, ишки ислер министри Шайх Фаҳд ас-Сабоҳ басшылығындағы делегацияны қабыллады.

    Ушырасыўда Кувейт тәрепинен қаржы ҳәм инвестициялар министри Нура Сулайман ал-Фассам, саўда ҳәм санаат министри Халифа Абдулла ал-Асқар ҳәм Инвестиция агентлигиниң директоры Шайх Сауд ас-Сабоҳ та қатнасты.

    Бүгин болып өткен жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиң жуўмағында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

    Еки мәмлекет басшыларының Өзбекстан-Кувейт қатнасықларын кең көлемли шериклик дәрежесине алып шыққан ушырасыўы нәтийжели болғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

    "Орайлық Азия – Араб қолтығы мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси" саммитинде қатнасыў ушын Кувейт Әмириниң Өзбекстанға болажақ сапарына биргеликте таярлық көриў әҳмийетли екени атап өтилди.

    Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланысларды раўажландырыў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленди.

    Усы көзқарастан, Биргеликтеги инвестициялық платформа ҳәм Исбилерменлер кеңесин шөлкемлестириў, сондай-ақ, аўыл хожалығы, логистика ҳәм транспорт, гидроэнергетика, инфраструктура, денсаўлықты сақлаў, фармацевтика ҳәм басқа да тармақлардағы жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм алға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    "Жол картасы"на киргизилген кооперация бағдарламалары ҳәм жойбарларын алға қойыў мақсетинде жедел сөйлесиўлер ҳәм өз-ара сапарларды шөлкемлестириўге келисип алынды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates