Ушырасыўда Кувейт тәрепинен қаржы ҳәм инвестициялар министри Нура Сулайман ал-Фассам, саўда ҳәм санаат министри Халифа Абдулла ал-Асқар ҳәм Инвестиция агентлигиниң директоры Шайх Сауд ас-Сабоҳ та қатнасты.
Бүгин болып өткен жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиң жуўмағында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.
Еки мәмлекет басшыларының Өзбекстан-Кувейт қатнасықларын кең көлемли шериклик дәрежесине алып шыққан ушырасыўы нәтийжели болғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
"Орайлық Азия – Араб қолтығы мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси" саммитинде қатнасыў ушын Кувейт Әмириниң Өзбекстанға болажақ сапарына биргеликте таярлық көриў әҳмийетли екени атап өтилди.
Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланысларды раўажландырыў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленди.
Усы көзқарастан, Биргеликтеги инвестициялық платформа ҳәм Исбилерменлер кеңесин шөлкемлестириў, сондай-ақ, аўыл хожалығы, логистика ҳәм транспорт, гидроэнергетика, инфраструктура, денсаўлықты сақлаў, фармацевтика ҳәм басқа да тармақлардағы жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм алға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
"Жол картасы"на киргизилген кооперация бағдарламалары ҳәм жойбарларын алға қойыў мақсетинде жедел сөйлесиўлер ҳәм өз-ара сапарларды шөлкемлестириўге келисип алынды.