Куала-Лумпур халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Малайзия парламенти Ўәкиллер палатасының спикери Жоҳари бин Абдул, билимлендириў министри Замбри Абдулқодир ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.
Өзбекстан жетекшисиниң сапары ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты, еки мәмлекеттиң мәмлекетлик байрақлары көтерилди.
Президентимиз аэропортта Малайзия парламенти спикери менен ушырасыў өткерди. Болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўлардың күн тәртиби бойынша пикир алысылды.
Парламентлер шеңберинде жедел бирге ислесиў ҳәм алмасыўларды даўам еттириў, өз-ара сапарлар ҳәм дослық топарларының илажларын шөлкемлестириў, нызам дөретиўшилиги мәселелеринде әмелий бирге ислесиўди жолға қойыў, әҳмийетли инвестициялық, инфраструктуралық, социаллық ҳәм мәдений-гуманитарлық бағдарламаларды әмелге асырыўға жәрдемлесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Сапар бағдарламасының тийкарғы илажлары 5-февраль күни болып өтеди.
Өзбекстан Президенти ҳәм Малайзия Бас министри жоқары дәрежеде сөйлесиўлер өткереди және Өзбекстан-Малайзия бизнес форумында қатнасады. Саммит жуўмағында бир қатар ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық ҳүжжетлерге қол қойылыўы нәзерде тутылған.