Биргеликтеги ушырасыўда Қазақстан Республикасы Парламенти Мәжилисиниң Баслығы Ерлан Кошанов, Қырғыз Республикасы Жогорку Кенеши Торағасы Нурланбек Турғунбек улы, Тәжикстан Республикасы Мажлиси Намояндагон Баслығы Файзали Идизода ҳәм Түркменстан Мәжилисиниң Баслығы Дунёгозал Гулманова қатнасты.
Жоқары мәртебели мийманлар Өзбекстан Республикасы Президентине өз мәмлекетлери жетекшилериниң қызғын сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди, регионымызда биринши мәрте өткерилип атырған бул халықаралық илаждың әҳмийетин айрықша атап өтти.
Туўысқан мәмлекетлер арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.
4-апрель күни Самарқанд қаласында өткен "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммити ҳәм Климат форумының пайдалы нәтийжелери жоқары баҳаланды.
Жоқары дәрежедеги жедел сөйлесиўлер айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Жақында регионда өткерилген ушырасыўлар, соның ишинде, шегараларды делимитациялаў мәселелери толық тәртипке салынғаны ҳәм Хоженд қаласында Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан мәмлекетлик шегараларының тутас ноқаты ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылғаны тарийхый әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
Кейинги жыллары регион мәмлекетлери арасындағы товар алмасыў көлеми бир неше есеге артты, шегара алды саўда зоналары шөлкемлестирилмекте.
Экономиканың түрли тармақларында, соның ишинде, еллеримиз аймақларында кооперация жойбарлары табыслы әмелге асырылмақта. Мәденият ҳәм билимлендириўде илажларға бай бағдарламалар әмелге асырылмақта.
Ушырасыўда мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымызды және де жақынластырыў, биргеликтеги кооперациялық басламалар менен жойбарларды алға қойыў, аймақлараралық байланыслар ҳәм гуманитарлық алмасыўды кеңейтиў мақсетинде парламентлераралық сөйлесиўди, соның ишинде, комитетлер дәрежесинде беккемлеў әҳмийетли екени атап өтилди.