Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның басшылығында өткен саммит жумысында Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев, Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов, Армения Бас министри Никол Пашинян ҳәм ҒМДА бас хаткери Сергей Лебедев қатнасты.
Күн тәртибине муўапық, Дослық Аўқамы шеңбериндеги әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында глобал сиясат ҳәм экономикадағы болжап болмайтуғын процесслер және халықаралық институтлардың роли төменлеп атырғанына қарамастан, ҒМДА өзиниң турақлылығын, нәтийжелилигин ҳәм зәрүрлигин көрсетиўди даўам етип атырғанын атап өтти.
Он жыллар даўамында жолға қойылған механизмлер ҳәм байланыслар себепли экономикалық, социаллық ҳәм гуманитарлық мәселелердиң барлық бағдарларында тығыз бирге ислесип келинбекте.
- Биз ҒМДА шеңберинде бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў, сондай-ақ, тәбийғый шериклеримиз болған мәмлекетлер менен әмелий бирге ислесиўдиң нәтийжелилигин арттырыўдан мәпдармыз, - деди Өзбекстан Президенти.
Соң мәмлекетимиз жетекшиси Дослық Аўқамы шеңбериндеги әмелий бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў бойынша бир қатар усыныс ҳәм басламаларды алға қойды.
Дүнья экономикасындағы жағдайдың кескинлесиўи, протексионизмниң күшейиўи ҳәм турақлы раўажланыў жолында жаңа қәўип-қәтерлердиң пайда болып атырғанын есапқа алған ҳалда экономикалық шерикликти кеңейтиў шөлкемниң сөзсиз тийкарғы бағдары екени көрсетип өтилди.
Өзбекстанның ҒМДАдағы шериклери менен товар алмасыў көлеми өткен жылы 11 процентке артқаны ҳәм бул көрсеткиш усы жылы да өсиўде даўам етип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Бундай көрсеткишлер тармақлараралық кооперация тереңлесип атырғаны ҳәм өз-ара инвестициялар ағымы көбейип атырғаны себепли болмақта.
Бар имканиятларды және де толық иске қосыў, бирге ислесиўдиң бүгинги пәтин сақлап қалыў мақсетинде Өзбекстан Президенти биргеликтеги ҳәрекетлерди төмендеги тийкарғы бағдарларға қаратыўды усыныс етти.
Бириншиден, товар алмасыўды көбейтиў ушын және де қолайлы шараятларды қәлиплестириў.
Айырым товарларды, биринши гезекте, аўыл хожалығы өнимлерин жеткерип бериў процесинде тәртип-қағыйда ҳәм талапларды әпиўайыластырыў ҳәм миллий базарларға кириў, соның ишинде, мәмлекетлик сатып алыўларда қатнасыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, ҒМДА Экономикалық кеңеси шеңберинде сыртқы конъюнктура өзгерислерине жедел жуўап бериў ҳәм саўда ағымларының бағдарын өзгертиў бойынша механизмлерди иске қосыў, техникалық тосқынлықлар ҳәм муўапықлықты баҳалаўға байланыслы ҳүжжетлерди тән алыў ҳаққындағы келисимлердиң жойбарларын келисиў бағдарындағы жумысларды жеделлестириў мақсетке муўапық екенлигине итибар қаратылды.
Екиншиден, транспорт тараўындағы бирге ислесиўди тереңлестириў.
ҒМДА мәканындағы транспорт тармағындағы бар коридорлардың нәтийжелилигин төменлетип атырған машқалалы жағдайлар елеге шекем сақланып атырғаны атап өтилди. Бул барлық түрдеги транспортлар менен интеграцияласқан мәлимлеме-логистика орайларын шөлкемлестириўди талап етпекте.
Жүк тасыў инфраструктурасын модернизациялаў ушын жеке меншик инвестицияларды тартыў әҳмийетли екенлигин есапқа алып, Өзбекстанда транспорт тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти кеңейтиў мәселелери бойынша конференция өткериў басламасы алға қойылды.
Үшиншиден, өз-ара инвестициялардың өсиўин хошаметлеў ҳәм кооперация жойбарларын қоллап-қуўатлаў.
Бул бағдарда арнаўлы экономикалық ҳәм санаат зоналарын қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў бойынша "жол картасы"н таярлаў, кооперацияны тереңлестириў ҳәм бизнести тартқан ҳалда инновациялық стартапларды алға қойыў ушын ҒМДАның Венчур платформасын жаратыў, келеси жылы Ташкенттеги "ИННОПРОМ" көргизбеси негизинде Инновациялық санаат форумын өткериў усыныс етилди.
Төртиншиден, энергетика тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў.
Өзбекстан басшысының атап өткениндей, бүгинги күнде ҒМДАдағы шериклер менен дәстүрий ҳәм альтернатив энергия дәреклеринен пайдаланыў, соның ишинде, атом электр станцияларының қурылысы тараўында бир қатар ири стратегиялық жойбарлар әмелге асырылмақта.
Мәмлекетимиз басшысы ҒМДА мәмлекетлеринде энергетика секторын инновациялық раўажландырыў бойынша узақ мүддетли бағдарлама ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўды усыныс етти.
Бесиншиден, санластырыў тараўындағы бирге ислесиў.
Мәмлекетимиз басшысы быйыл август айында Самарқандта өткен "ҒМДАда жасалма интеллект технологияларын раўажландырыў" темасындағы халықаралық форум бул тараўдағы кооперация бағдарында өз-ара қызығыўшылық ҳәм имканиятлар артып баратырғанын көрсеткенин атап өтти. Усы мүнәсибет пенен бул тараўда Әмелий бирге ислесиўди тереңлестириў бойынша көп тәреплеме ҳәрекетлер режесин ислеп шығыўды усыныс етти.
Мәмлекетимиз басшысы илим, билимлендириў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларында қоспа жойбарлар менен бағдарламаларды кеңейтиў әҳмийетли екенлигине айрықша итибар қаратты.
- Мәмлекетлеримизде билимлендириў секторы ҳәм мийнет базары жедел раўажланып атырғанын есапқа алып, Дипломлар, қәнигелик ҳәм академиялық бағдарламаларды өз-ара тән алыў ҳаққында жаңа мәмлекетлераралық келисимди таярлаў, Кәсиплик стандартлар ҳәм маманлық талапларын үйлестириў механизмин енгизиў зәрүр, деп есаплаймыз, -деди Президент.
Келеси жылы күн тәртибине инновациялық экосистемаларды қәлиплестириў, жас әўладтың дөретиўшилик ҳәм интеллектуаллық потенциалын қоллап-қуўатлаў ушын Жаслар лабораториясын жаратыў мәселесин киргизген ҳалда, ҒМДА Жаслар форумын Хийўада өткериўге таярлық билдирилди.
Регионаллық қәўипсизлик мәселелерине тоқтап өтип, Президентимиз сыртқы сиясий уйымлар ҳәм арнаўлы хызметлер арасындағы системалы ҳәм тығыз байланысларды даўам еттириў әҳмийетли екенлигине итибар қаратты. Аўғанстандағы жағдай айрықша итибарды талап етеди.
- Өзбекстан Аўғанстанда узақ мүддетли тынышлық, татыўлық ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеўдиң исенимли тәрепдары екенин атап өтемен. Усы мүнәсибет пенен бул мәмлекетте ири инвестициялық ҳәм инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыўда биргеликте қатнасыў имканиятларын көрип шығыўды усыныс етемиз, - деди мәмлекетимиз жетекшиси.
Сөзиниң жуўмағында Шавкат Мирзиёев Сергей Лебедевтиң ҒМДА Бас хаткери лаўазымына қайта тайынланыўын қоллап-қуўатлады ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовқа шөлкемге басшылықты қабыл етип алғаны мүнәсибети менен табыслар тиледи.
Мәжилисте Дослық Аўқамына ағза басқа да мәмлекетлер делегацияларының басшылары да шығып сөйледи.
Саммит жуўмағында ҒМДА шеңбериндеги бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары бойынша келисим ҳәм қарарлар топламына қол қойылды.












