Илажда Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Қырғыз Республикасы Министрлер Кабинетиниң Баслығы - Президент Администрациясының басшысы Адилбек Қасималиев, Әзербайжан Республикасының Бас министри Али Асадов, сондай-ақ, рәсмий делегациялардың ағзалары ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Күн тәртибине муўапық, Ташкент қаласында болажақ Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўына таярлықтың тийкарғы тәреплери көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанның бул форматтағы басшылығы шеңберинде биргеликте әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди. Атап айтқанда, жылдың басында Басшылық концепциясы ҳәм Биргеликтеги илажлар режеси қабыл етилди.
Қәўипсизлик кеңеслери хаткерлери, арнаўлы хызметлердиң басшылары, санаат, энергетика, суў хожалығы ҳәм экология министрлериниң ушырасыўлары, медиа ҳәм жаслар форумлары өткерилди.
Жылдың ақырына шекем парламентлераралық форум, қорғаныў, саўда ҳәм транспорт министрлериниң ушырасыўлары, мәдений-гуманитарлық илажлардың өткерилиўи режелестирилген.
Регионаллық шерикликтиң жаңа күн тәртибин қәлиплестириў ҳәм оның нормативлик-ҳуқықый тийкарларын беккемлеў мақсетинде ушырасыўдың концептуаллық ҳүжжетлери таярланбақта.
Ташкент саммити шеңберинде Өзбекстан тәрепи сиясий сөйлесиўди тереңлестириў, экономикалық кооперацияның жаңа драйверлерин иске қосыў, шегара алды саўданы көбейтиў бойынша бир қатар басламаларды алға қойыў нийетинде екени атап өтилди. Суў ҳәм энергетика тараўларында, транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты кеңейтиў ҳәм климаттың өзгериўи бойынша әмелий бирге ислесиў мәселелери дыққат орайында болады.
Әзербайжан тәрепиниң ушырасыўларда қатнасып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Бүгинги күнде регион мәмлекетлери Әзербайжан менен нәтийжели бирге ислесип келмекте. Саўда, транспорт, "жасыл" энергетика тараўларында биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылмақта.
Өзбекстан Президенти сөзиниң жуўмағында Орайлық Азия мәмлекетлериниң өз-ара муўапықластырылған ҳәм келисилген көзқараслары регионда раўажланыў ҳәм абаданлық мақсетлерине ерисиўге хызмет ететуғынына исеним билдирди.












