Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Оман Султаны Ҳайсам бин Ториқ Ол Саидтиң қызғын сәлемин жеткерди.
Әмелий бирге ислесиўди, бәринен бурын, саўда-экономикалық ҳәм инвестиция тараўларында кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Ҳәр қыйлы дәрежелердеги жедел сөйлесиўлер қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Форум шеңберинде Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилиси ҳәм исбилермен топарлардың ушырасыўлары болып өтеди.
Энергетика, геология, азық-аўқат, тоқымашылық, химия санааты, транспорт ҳәм логистика, туризм, қаржы тараўларында қоспа жойбарларды, соның ишинде, Өзбекстан-Оман инвестициялық компаниясының жедел жәрдеминде алға қойыў әҳмийетли.