Ушырасыў алдынан Азия Олимпиада кеңесиниң жаңадан сайланған президенти Шайх Джауан бин Хамад Аль Тани мәмлекетимиз басшысына Қатар Әмири Шайхы Тамим бин Хамад Аль Танидиң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Мәмлекетимиз жетекшиси ассамблеяны Ташкентте өткериў ҳаққындағы қарар ушын миннетдаршылық билдирип, халықаралық спорт ҳәрекетинде исенимли шерик сыпатында Өзбекстанға жоқары дәрежеде исеним билдирилгенин атап өтти.

Спортты раўажландырыў "Өзбекстан - 2030" стратегиясы шеңбериндеги тийкарғы бағдарлардан бири сыпатында белгиленгени атап өтилди.

Өзбекстан халықаралық спорт шөлкемлери менен бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў, әмелий нәтийжелерге қаратылған қоспа бағдарлама ҳәм басламаларды әмелге асырыўға таяр екени атап өтилди.

Илаж жуўмағында Президентимиз спортты раўажландырыў ҳәм халықаралық спорт бирге ислесиўин беккемлеўге қосқан салмақлы үлеси ушын Азия Олимпиада кеңесиниң бас директоры, Жәҳән суў спорты федерациясының президенти Ҳусайн ал-Мусалламға жоқары мәмлекетлик сыйлық - Өзбекстан Республикасының "Дўстлик" орденин тапсырды.