Сөйлесиў алдында банк басшысы мәмлекетимиз жетекшисин стратегиялық шерикликтиң 30 жыллығы ҳәм 2025-2026-жылларда банк Басқарыўшылар кеңесине басшылық Өзбекстанға өткени менен қутлықлады.
Мәмлекетимизде социаллық-экономикалық реформалар бағдарламасын әмелге асырыў шеңберинде кең көлемли бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Өз-ара бирге ислесиўде жоқары дәрежеге ерисилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өзбекстан Банктиң региондағы ең ири шериги болып қалмақта - биргеликтеги жойбарлар портфели 15 миллиард доллардан артты. "Жасыл" энергетика, транспорт, санлы трансформация, билимлендириў ҳәм басқа да бағдарларда қосымша түрде баҳасы 3 миллиард доллардан аслам жойбарлар ислеп шығылмақта. Суверен емес қаржыландырыў механизмлери жедел енгизилмекте.
2026-жыл май айында Самарқанд қаласында болып өтетуғын Азия раўажланыў банки Басқарыўшылар кеңесиниң жыллық мәжилисине таярлық көриўге айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстан Президенти болажақ илаж шеңберинде инфраструктураны раўажландырыў, техникалық ҳәм инженерлик кадрларды таярлаў, ҳаял-қызлар ҳәм жасларды жаңа кәсиплерге оқытыў, кәмбағаллықты қысқартыў, ипотека базары ҳәм жеке меншик секторды раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратып, Азия раўажланыў банки менен кеңейтилген стратегиялық шериклик бағдарламасына қол қойылыўы зәрүр екенлигин атап өтти.
Банктиң ири миллий ҳәм регионаллық басламаларды қоллап-қуўатлаўда, сондай-ақ, Орайлық Азия регионында транспорт, энергетика ҳәм саўда жойбарларын алға қойыўда белсене қатнасыўы әҳмийетли екени атап өтилди.
Банк президенти Масато Кандо мәмлекетимиздеги кең көлемли жаңаланыўлардың нәтийжелерин жоқары баҳалап, Жаңа Өзбекстанда артқа қайтпайтуғын реформалар бағдарламасын әмелге асырыўға ҳәр тәреплеме жәрдемлесиўге таяр екенин билдирди.