Сапар бағдарламасына муўапық Париж қаласындағы Елисей сарайында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер, сондай-ақ, Франция рәсмийлери ҳәм жетекши компанияларының ўәкиллери менен бир қатар ушырасыўлар өткерилиўи нәзерде тутылған.

Көп қырлы Өзбекстан-Франция қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылады.

Саммит жуўмағында мәмлекетлераралық, ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық келисимлер топламын қабыл етиў режелестирилген.