Парламентлераралық аўқамның жоқары дәрежели ўәкиллери мәмлекетимиз басшысын Ташкент қаласында шөлкемниң юбилей Ассамблеясы табыслы шөлкемлестирилгени ҳәм оның жалпы мәжилисинде бағдарламалық шығып сөйлегени менен қызғын қутлықлады.
Бундай кең көлемли форумның Өзбекстанда өткерилип атырғаны ҳәм алға қойылған басламалар толық қоллап-қуўатланып атырғаны Жаңа Өзбекстандағы артқа қайтпайтуғын реформалар, әсиресе, парламентаризмди раўажландырыў бағдарындағы нәтийжелердиң халықаралық тән алыныўы екени атап өтилди.
Аўқам менен бирге ислесиў жоқары дәрежеге шығып, нәтийжели түс алғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Кейинги жылларда биргеликтеги ҳәрекетлер менен Бухара қаласында Турақлы раўажланыў мақсетлери бойынша парламентлераралық форум және Ташкент қаласында парламентлер ҳаял басшыларының 14-саммити шөлкемлестирилди.
Буннан тысқары, БМШ Бас Ассамблеясының Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде парламентлердиң ролин күшейтиў ҳаққындағы арнаўлы резолюциясы қабыл етилди.
Сөйлесиў ўақтында мәмлекетлер ҳәм халықлар арасында тынышлық ҳәм конструктивлик қарым-қатнасты беккемлеў, "жасыл" раўажланыў ҳәм жасалма интеллект тараўында нызам дөретиўшилигин кеңейтиў, ҳаял-қызлар ҳәм жасларды парламент жумысына және де көбирек тартыў бойынша бағдарламаларды әмелге асырыўда парламент дипломатиясының әҳмийети атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан Президенти бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм парламент дипломатиясын нәтийжели алға қойыўға қосқан үлкен үлеси ушын Парламентлераралық аўқамның бас хаткери Мартин Чунгонгты "Дўстлик" ордени менен сыйлықлады.
Өзбекстан 2017-жылы Аўқам жумысындағы қатнасыўын қайта тикледи ҳәм бүгинги күнде оның атқарыўшы структураларында толық қатнаспақта.