Өзбекстан Президенти Қырғызстан менен әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли екенин атап өтти

    Сиясат 10 маусым 2025 1413

    Ташкент инвестициялық форумы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қырғыз Республикасы Министрлер Кабинетиниң Баслығы - Президент Администрациясының басшысы Адилбек Қасималиевти қабыллады.

    Сөйлесиў алдынан Адилбек Касималиев мәмлекетимиз басшысына Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровтың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

    Өзбекстан менен Қырғызстан арасындағы дослық ҳәм кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў, саўда көлемин арттырыў, санаат кооперациясын кеңейтиў, аймақлараралық байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды жеделлестириў мәселелери көрип шығылды.

    Энергетика ҳәм транспорт коммуникацияларындағы ири регионаллық жойбарларды, соның ишинде, Қамбарата ГЕС-1 ҳәм "Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан" темир жолының қурылысын жеделлестириўге айрықша итибар қаратылды.

    Усы жылы өткерилетуғын Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Аймақлар басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилислерин нәтийжели шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates