Өзбекстан жетекшиси 31-август - 1-сентябрь күнлери Тяньцзинь қаласында болып өтетуғын Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилиси ҳәм "ШБШ плюс" форматындағы саммитте қатнасады.
Илажлар күн тәртибинен тийкарғы бағдарларда көп тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм шөлкемниң жумысын буннан былай да жетилистириўдиң әҳмийетли тәреплери орын алған. Оның жуўмағында Тяньцзинь декларациясы, қәўипсизлик, санлы экономика, "жасыл" санаат, энергетика, туризм ҳәм басқа да тараўларда шерикликти раўажландырыў ҳәм беккемлеўге қаратылған биргеликтеги ҳүжжетлер менен қарарлардың қабыл етилиўи режелестирилген.
2-сентябрь күни Пекин қаласында мәмлекетимиз басшысы ҚХР Баслығы Си Цзиньпин менен сөйлесиўлер өткереди, сондай-ақ, Қытай рәсмий шахслары ҳәм жетекши компанияларының басшылары менен ушырасыўлар өткереди. Өзбекстан менен Қытай арасындағы ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў ҳәм әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылады.
Өзбекстан Президенти 3-сентябрь күни Екинши жер жүзилик урыстағы Жеңистиң 80 жыллығына бағышланған салтанатлы илажларда қатнасады.