Ушырасыў алдынан Александр Новак мәмлекетимиз басшысына Россия Президенти Владимир Путинниң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди және форумның табыслы өтип атырғаны менен қутлықлады.
Өткен жылы май айында Өзбекстанға мәмлекетлик сапары ҳәм жоқары дәрежедеги басқа да сөйлесиўлер даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.
Энергетика тараўындағы өз-ара пайдалы шерикликти кеңейтиў, нефть-газ тармағындағы биргеликтеги жойбарларды жеделлестириў, тыныш атом тараўында бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.