баннер
25 Apr 2025
05:58

    Өзбекстан Президенти Россия менен парламент тараўындағы нәтийжели бирге ислесиўди қанаатланыўшылық пенен атап өтти

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-апрель күни Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей Ассамблеясында Россия делегациясына басшылық етип атырған Россия Федерациясы Федерал Мәжилиси Федерация Кеңесиниң Баслығы Валентина Матвиенконы қабыллады.

    Ушырасыў алдынан мәмлекетимиз басшысы Валентина Матвиенконы туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм үлкен табыслар тиледи.

    Федерация Кеңесиниң Баслығы Өзбекстан жетекшисине қызғын миннетдаршылық билдирип, Россия Президенти Владимир Путинниң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

    Өзбекстан менен Россия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

    Парламентлераралық байланыслар нәтийжели болып атырғаны жоқары баҳаланды.

    Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаў бойынша жедел бирге ислесиўди даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.

    Саўда-экономикалық шерикликтиң пәтин тәмийинлеў, санаат кооперациясы жойбарлары ҳәм гуманитарлық алмасыў бағдарламаларын қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылды.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech