Ушырасыўда шерикликти кеңейтиў ҳәм биргеликтеги жойбарларды
жеделлестириў мәселелери көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы "жасыл" энергетика тараўында
Өзбекстанның тийкарғы шериги болған «ACWA
Power»
компаниясының жумысын жоқары баҳалады. Өткен жылдың декабрь айында басланған
жаңа инвестициялық басламалар, соның ишинде, қуяш ҳәм самал электр станцияларын
қурыў жойбарлары белгиленген режелерге муўапық избе-из әмелге асырылып атырғаны
атап өтилди.
Сөйлесиўде бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларына
айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, "Жаңа Ташкент" халықаралық аэропортын
қурыў, Ферғана қаласында көп тармақлы медицина мәкемесин шөлкемлестириў, IТ-паркте заманагөй дата-орайды
иске қосыў мәселелери додаланды.
Жуўмағында саудиялы инвесторлар Өзбекстанда әмелге асырылып
атырған реформалар ҳәм жаратылған қолайлы инвестициялық орталық ушын
миннетдаршылық билдирип, жойбарларды сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырыўға
таяр екенин атап өтти.