Өзбекстан Президенти Саудия Арабстаны компаниялары менен бирге ислесиў жедел раўажланып атырғанынан қанаатланыўшылығын билдирди

    Ҳүкимет 13 желтоқсан 2024 2964

    Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанда "жасыл енергетика" тараўында стратегиялық инвестор есапланған "ACWA Power" компаниясы менен нәтийжели шериклик жедел раўажланып атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Саудия-Өзбекстан Исбилерменлер кеңесиниң баслығы, "ACWA Power" компаниясының баслығы Муҳаммад Абунайян менен ушырасыўында Саудия Арабстанының жетекши компаниялары менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

    Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанда "жасыл энергетика" тараўында стратегиялық инвестор есапланған "ACWA Power" компаниясы менен нәтийжели шериклик жедел раўажланып атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Бүгинги күнге шекем улыўма баҳасы дерлик 3 миллиард долларлық 4 жойбар табыслы әмелге асырылған болып, әмелдеги жойбарлар портфели 15 миллиард долларды қурамақта.

    Буннан тысқары, бүгин бир қатар биргеликтеги жойбарларды иске қосыў мәресими болып өтти: Бухара ўәлаятында қуўатлылығы 500 мегаватт болған 2 самал электр станциясы тармаққа жалғанды, сондай-ақ, Самарқанд ўәлаятында улыўма қуўатлылығы 1 гигаватт болған 2 қуяш электр станциясы ҳәм Ташкент ўәлаятында қуўатлылығы 334 мегаватт болған энергия сақлаў системасының қурылысына старт берилди.

    Ушырасыўда энергетика, транспорт ҳәм коммуналлық инфраструктураны модернизациялаў, мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў, тоқымашылық санааты, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда кооперация жойбарларын әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

    Биргеликтеги Исбилерменлер кеңесиниң жумысы шеңберинде Саудияның жетекши компанияларын мәмлекетимизге тартыў бағдарындағы жумысларды кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates