АҚШ Президенти Дональд Трамптың басшылығында өткен илажда Әзербайжан, Армения, Аргентина, Бахрейн, Болгария, Венгрия, Индонезия, Иордания, Қазақстан, Қатар, Марокко, Монголия, Парагвай, Пакистан, Саудия Арабстаны, Түркия ҳәм басқа да мәмлекетлердиң мәмлекет басшылары, Бас министрлери ҳәм сыртқы ислер министрлери де қатнасты.

Тынышлық кеңесиниң дүзилиўи Өзбекстанның тынышлық басламаларын ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди қоллап-қуўатлаўға қаратылған сыртқы сиясатының тийкарғы бағдарларына сәйкес келеди. Жаңа структура БМШ Қәўипсизлик кеңесиниң резолюциясы менен қоллап-қуўатланған Газа секторындағы келиспеўшиликти сапластырыў бойынша комплексли режени әмелге асырыў шеңберинде қәлиплестирилмекте.

Тынышлық кеңеси Ғаза секторының экономикалық ҳәм социаллық тиклениўи ушын қолайлы орталықты қәлиплестириў, кескинлесиў қәўиплерин азайтыўға қаратылған. Экономикалық раўажланыў, тыныш турмыс ҳәм Палестина мәмлекетин дүзиў перспективаларына ийе Жаңа Газаны қурыў имканияты пайда болмақта.

Кеңес қурамына дүньяның абырайлы жетекшилери киргизилди.

Кеңестиң устав ҳүжжетине қол қойып, Өзбекстан оның шөлкемлестириўши мәмлекетлеринен бирине айланды. Бул мәмлекетимиз кеңестиң жумысында избе-из қатнасыўға, барлық шөлкемлестириўши мәмлекетлер ҳәм халықаралық шериклер менен тығыз бирге ислесиўде оның ўәкиллигин әмелге асырыўға әмелий үлес қосыўға таяр екенин аңлатады.