АҚШ Президенти Дональд Трамптың басшылығында өткен илажда Әзербайжан, Қазақстан, Бахрейн, Индонезия, Аргентина, Парагвай, Румыния, Египет, Қатар, Пакистан, Венгрия, Албания, Армения, Вьетнам, Камбоджа, БАӘ, Түркия, Кувейт, Саудия Арабстаны, Израиль, Марокко ҳәм басқа да мәмлекетлердиң делегация басшылары да қатнасты.
Газа секторын тиклеў ҳәм оған гуманитарлық жәрдем көрсетиў, бул регионда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў мәселелери додаланды.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде биринши саммитти шақырғаны ушын АҚШ Президенти, Тынышлық кеңесиниң баслығы Дональд Трампқа миннетдаршылық билдирди.
Өзбекстан Тынышлық кеңесин дүзиў ҳаққындағы тынышлық орнатыў басламасын қоллап-қуўатлағаны, оны табыслы әмелге асырыўда әмелий қатнасатуғынын исенимли билдиргени атап өтилди.
- Кеңестиң жумысы Газа секторын экономикалық ҳәм социаллық тиклеў ушын қолайлы орталықты қәлиплестириўге хызмет ететуғынына исенемен, - деди Шавкат Мирзиёев.
Соның менен бирге, Газаның ҳәр қандай сыртқы басқарыў механизми, әлбетте, сектор халқының ишки жәрдемине сүениўи керек екенлиги атап өтилди.
Барлық тәреплердиң муўапықластырылған ҳәрекетлери тартыстан кейинги процесстиң турақлылығын тәмийинлеў ҳәм Газаны тез ўақыт ишинде тиклеў ушын шараятлар жаратыў имканиятын беретуғынына исеним билдирилди.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан Газа секторында турақ жайлар, бақшалар, мектеп ҳәм емлеўханалар қурыўға қолынан келгенинше үлес қосыўға таяр екенин билдирди.
- Бизиң ушырасыўымыз халықаралық тилеклеслик, тынышлық орнатыўшылық ҳәм Жақын Шығыстағы жағдайды жақсылаўға улыўмалық умтылыстың айқын көриниси болып табылады. Биз бул тарийхый имканияттан пайдаланып, экономикасы раўажланған, халқымыз ушын мүнәсип турмыс шараятына ийе болған Жаңа Газаны қурыўымыз керек, -деди Президент.
Илажда сырт еллердиң басқа да мәмлекет, ҳүкимет ҳәм сыртқы сиясий уйымларының басшылары шығып сөйледи.
Мәжилис жуўмағында Тынышлық кеңесиниң жумысын қоллап-қуўатлаў ҳаққындағы декларацияға қол қойылды.