Мәмлекетимиз басшысы әнжуман қатнасыўшыларын мәдениятлар ҳәм цивилизациялар кесилиспесинде жайласқан миймандос Өзбекстан жеринде қызғын қутлықлады. Сербия Президенти Александр Вучич, Словакия Президенти Петер Пеллегрини, ЮНЕСКО Бас директоры Одри Азуле, сырт мәмлекетлердиң ҳүкимет басшылары, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң ўәкиллерине, барлық делегацияларға конференцияда қатнасып атырғаны ушын терең миннетдаршылық билдирди.
Президентимиз сөзиниң алдында бул ретки сессия соңғы 40 жылда биринши мәрте ЮНЕСКОның Париж қаласындағы бас резиденциясынан тысқарыда өткерилип атырғанын атап өтти.
- Бундай абырайлы форумның мәмлекетимизде өткерилип атырғанын Шөлкемге ағза мәмлекетлердиң Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли, жедел реформаларға болған жоқары исениминиң айқын көриниси деп қабыл етемиз, - деди мәмлекетимиз басшысы.
Өзбекстан жетекшиси шөлкем өзиниң 80 жыллық жумысы даўамында билимлендириў, илим, мәденият ҳәм мәлимлеме тараўларында глобал бирге ислесиўди, исеним ҳәм аўызбиршиликти беккемлеўге жәрдемлесетуғын абырайлы халықаралық институтқа айланғанын атап өтти.
Усы мәниде, халықлардың миллий өзине тәнлигин, олардың мәдений мийрасын сақлап қалыў, түрли динлер арасында тығыз қарым-қатнасты беккемлеўде ЮНЕСКОның роли артып баратырғаны атап өтилди.
- Әнжуманымыз адамзаттың тарийхый жылнамасына гуманистлик идеялар, бийбаҳа билимлер, цивилизациялараралық қарым-қатнас орайы сыпатында кирген Самарқанд қаласында өткерилип атырғанында терең рәмзий мәни бар, - деди мәмлекетимиз жетекшиси.
Мәмлекетимиз басшысы илим, әдебият ҳәм мәденият бесиги болған Самарқандтың уллы мийрасын еске алды. Атап айтқанда, Коперник ҳәм Кеплер ойлап табыўларына тийкар болған белгили жулдызлар кестеси жаратылған Мырза Улығбек обсерваториясын еске алды. Президентимиз мийманларды Уллы жипек жолының дүрданасы, тынышлық ҳәм халықлар дослығы дияры болған Самарқандтың руўхынан пайдаланыўға шақырды.
Геосиясий кескинлик ҳәм әскерий келиспеўшиликлер сийрек ушырасатуғын естеликлер ҳәм мәдений мийрасқа зыян жеткерип атырғаны, билим ҳәм санлы технологиялардан пайдаланыўдағы айырмашылық глобал теңсизликти күшейтип атырғаны атап өтилди.
Өзбекстан басшысы бундай қыйын шараятта ЮНЕСКОның тийкарғы ўазыйпаларын орынлаў ушын тилеклесликти беккемлеў айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Өзбекстан шөлкемниң ийгиликли мақсетлерине садықлығын, конструктивлик бирге ислесиў ушын ашық майдан сыпатында Шығыс ҳәм Батыс, Арқа ҳәм Қубла арасында көпир болып хызмет етиўге таяр екенин және бир мәрте тастыйықлады.
Бүгинги күнде мәмлекетимиз ЮНЕСКО менен 2027-жылға шекем мөлшерленген бес жыллық бирге ислесиў бағдарламасын әмелге асырмақта. Оның шеңберинде уллы ойшыл ҳәм ғайраткерлер - Әбиў Райхан Беруний, Аҳмад Ферғаний, Әмир Темур, Әлий Қусшы, Камаладдин Беҳзад юбилейлерине бағышланған илажлар өткерилди, сондай-ақ, Хорезм Мамун академиясы сыяқлы илимий мәкемелер ҳәм әдебий естеликлер, соның ишинде, "Алпамыс" дәстанының тарийхый сәнелери кеңнен белгиленди.
Пүткил жер жүзилик мийрас қалалары - Хийўа, Бухара, Шаҳрисабз ҳәм Самарқандқа Зарафшан-Қарақум коридоры бойындағы естеликлер қосылды. Батыс Тяньшань ҳәм Туран шөллериниң тәбийий аймақлары регионның өзине тән биокөптүрлилигин сәўлелендиреди.
Президентимиз Өзбекстанның жигирмаға шамалас материаллық емес мийрасы - "Шашмақам", "Катта ашула", "Ләзги" аяқ ойыны, аския көркем өнери, миниатюра, Наўрыз байрамы, атлас ҳәм адрас тоқыў дәстүрлери ЮНЕСКО тән алғанын ескертти. Шөлкемниң қәўендерлигинде "Шарқ тароналари" мақам көркем өнери, бақсышылық, өнерментшилик ҳәм этноспорт фестиваллары өткерип келинбекте.
Өзбекстанның басламасы менен алға қойылған "Хийўа процеси: Орайлық Азияда халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў" резолюциясы, "Киши жастағы балаларға ғамхорлық етиў ҳәм билим бериў бойынша Ташкент декларациясы" және "Халықаралық мәлимлемеден еркин пайдаланыў күни мүнәсибети менен Ташкент декларациясы" сыяқлы ҳүжжетлерге айрықша итибар қаратылды.
Елимизде ЮНЕСКОның кафедралары ҳәм бирге ислесиўши мектеплери жумыс ислемекте, Ташкент ҳәм Ферғана қалалары Билимлендириў қалалары глобал тармағына киргизилген. Сондай-ақ, жүзлеген мәдений мийрас объектлери заманагөй технологиялар ҳәм халықаралық стандартлар тийкарында реставрацияланды.
Президентимиз Самарқанд конференциясы шеңберинде қосымша илажлар - Бухарада заманагөй көркем өнер бийенналеси, Ташкентте Мектепке шекемги билимлендириўди раўажландырыў регионаллық орайының ашылыўы, Әбиў Райхан Беруний атындағы ЮНЕСКО - Өзбекстан халықаралық сыйлығын тапсырыў мәресими, музейлер тараўында жасалма интеллектти қолланыў мәселелери бойынша конференция өткерилип атырғанын мәлим етти. Сондай-ақ, Өзбекстан жоқары билимлендириў тараўындағы квалификацияларды тән алыўға байланыслы Глобал конвенцияға қосылады.
Мәмлекетимиз басшысы ЮНЕСКО жумысының тийкарғы бағдарларын раўажландырыўға қаратылған басламаларды алға қойды.
Инклюзив билимлендириўди раўажландырыў ҳәм жасалма интеллект технологияларынан пайдаланыў тийкарғы бағдар екени атап өтилди. Президентимиз ЮНЕСКОның айрықша жәрдемге мүтәж балалар ушын инклюзив билимлендириўди раўажландырыў платформасын жаратыў ҳәм Жәҳән профессионал билимлендириў саммитин өткериўди усыныс етти. Өзбекстан ЮНЕСКО қәўендерлигинде "Жасалма интеллект - мектеп" пилот жойбарын әмелге асырыў ҳәм Жасалма интеллект этикасы бойынша халықаралық экспертлер форумын шөлкемлестириўге таяр.
Өзбекстан жетекшиси материаллық емес мәдений мийрасты қәстерлеп сақлаў зәрүр екенлигин атап өтти. Халық аўызеки дөретиўшилиги, қолжазбалар, архивлер ҳәм баҳалы тарийхый ҳүжжетлер, мәдений мағлыўматлар сыяқлы сийрек ушырасатуғын мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў имканиятын тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилген ЮНЕСКОның "Жәҳән естелиги" бағдарламасын раўажландырыўға қызығыўшылық билдирилди.
19-ноябрь сәнесин Халықаралық ҳүжжетли мийрас күни деп жәриялаў, сондай-ақ, ЮНЕСКО структурасында Санлы мийрас халықаралық институтын шөлкемлестириў басламасы алға қойылды.
Мәмлекетимиз басшысы 2027-жылы Бухарада ЮНЕСКОның дөретиўши қалалар тармағы шеңберинде Өнерментшилик ҳәм халық әмелий көркем өнери бойынша халықаралық конгресс өткериўди усыныс етти.
Президентимиз гендер теңликти алға қойыў ҳәм ҳаял-қызлардың жетекшилик қәбилетин раўажландырыў мақсетинде ЮНЕСКОның Ҳаял-қызлар жетекшилиги академиясын шөлкемлестириў және Самарқандта дүньяның барлық континентлеринен белгили изертлеўшилер, көркем өнер ғайраткерлери, педагоглар ҳәм новаторлардың қатнасыўында Билимлендириў, мәденият ҳәм илим тараўларындағы ҳаял-қызлардың глобал форумын өткериў басламасын алға қойды.
Климат кризисине қарсы биргеликте нәтийжели гүресиў де әҳмийетли мәселе сыпатында атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы климат өзгериўи мәдений мийрасқа унамсыз тәсир көрсетип атырғанын атап өтип, "ЮНЕСКОның экологиялық пайтахты" глобал басламасын шөлкемлестириў, сондай-ақ, ЮНЕСКО Атқарыў кеңесиниң глобалласыў ҳәм климат өзгериўи шараятында мәдений мийрасты сақлаў ҳаққындағы резолюциясын ислеп шығыўды усыныс етти. Өзбекстан Хийўа қаласында усы темада халықаралық симпозиум өткериўге таяр екенин билдирди.
Виртуал мәканда надурыс мағлыўматлардың тарқалыўына қарсы гүресиў, жәмийетлик пикирди қорғаў ҳәм кемситиўлерге қарсы гүресиў де тийкарғы бағдарлар қатарында. Президентимиз Балалардың мәдений контентиниң халықаралық фестивалын өткериў ҳәм ЮНЕСКОның медиа саўатлылығын раўажландырыў бойынша комплексли стратегиясын ислеп шығыўды усыныс етти.
Мәмлекетимиз басшысы динлераралық татыўлықты беккемлеў, радикализм ҳәм исломофобияға қарсы гүресиў, ислам мәденияты ҳәм ағартыўшылығын пүткил дүнья жүзинде үгит-нәсиятлаў керек екенлигин атап өтти: «Кеңпейиллик, өз-ара түсинисиў ҳәм татыўлық сыяқлы улыўмаинсаныйлық идеяларды кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли».
Өзбекстандағы сийрек ушырасатуғын жойбарлар - Ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий, Имам Мотуридий, Имам Термизий ҳәм Баҳауддин Нақшбанд илимий-изертлеў орайларының потенциалынан белсене пайдаланыў усыныс етилди.
Өзбекстан Президенти форум бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын белгилеў, өз-ара исеним ҳәм глобаллық шерикликти беккемлеў, турақлы раўажланыўды алға қойыўда әҳмийетли қәдем болатуғынына исеним билдирди.
- ЮНЕСКОның мәңги дәстүр ҳәм қәдириятларынан күш алып атырған "Самарқанд руўхы" улыўма раўажланыў жолында және де бирлесиўге ийтермелейди, - деди Шавкат Мирзиёев.
Сөзиниң жуўмағында мәмлекетимиз басшысы әнжуман қатнасыўшыларына табыс ҳәм нәтийжели жумыс тилеп, илаждың тынышлық, дослық ҳәм өз-ара түсинисиў тымсалы болған Самарқанд қаласында өтип атырғаны рәмзий мәниге ийе екенин атап өтти.
Бул Өзбекстанның жоқары халықаралық абырайы ҳәм цивилизациялар қарым-қатнасын раўажландырыў, өз-ара түсинисиўди беккемлеў және инсанияттың мәдений мийрасын қәстерлеп сақлаўға қосып атырған үлесин тастыйықлайды.
Ашылыў мәресими жуўмағында Өзбекстан ҳәм сырт ел көркем өнер шеберлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди. Онда симфониялық оркестр, хор жәмәәти ҳәм миллий ансамбль атқарыўында өзбек классикалық нама-қосықлары ҳәм жәҳән музыкасының сайланды шығармалары заманагөй түрде жаңлады.












