Өзбекстан Президенти ҳәм Иордания Патшасы еки тәреплеме бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўға келисип алды

    Самарқанд қаласындағы Конгресс орайында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Иордания Ҳошимийлер Патшалығының Патшасы Абдулла II ибн ал-Ҳусайнниң сөйлесиўлери болып өтти.

    Сиясий сөйлесиў ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды буннан былай да раўажландырыў, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.

    Ушырасыў алдынан Иордания Патшасы мәмлекетимиз басшысына сапар менен келиўге мирәт еткени ҳәм Иордания делегациясына көрсетилип атырған қызғын қабыллаў ушын миннетдаршылық билдирди.

    Дипломатиялық қатнасықлар тарийхындағы дәслепки жоқары дәрежедеги сапар еки тәреплеме бирге ислесиўде жаңа басқышты баслап беретуғыны ҳәм оны кең көлемли шериклик дәрежесине көтериўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

    Өзбекстан ҳәм Иордания арасындағы дәстүрий дослық ҳәм көп қырлы әмелий бирге ислесиў қатнасықлары беккемленип атырғаны, еки мәмлекетте әмелге асырылып атырған реформалар стратегияларының уқсаслығы атап өтилди.

    Жетекшилер Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми ҳәм басқа да халықаралық структуралар шеңберинде нәтийжели бирге ислесиў алып барылып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтип, басламаларды өз-ара қоллап-қуўатлаўды жедел даўам еттириў зәрүр екенлигин атап өтти.

    Еки мәмлекет сыртқы ислер министрликлери арасындағы конструктивлик сөйлесиўди ҳәм уйымлар арасындағы тығыз байланысларды даўам еттириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Еки тәреплеме саўда көрсеткишлерин есесине арттырыў, биргеликтеги инвестициялық жойбарлар ҳәм саўда шәртнамаларын әмелге асырыўға таярлық тастыйықланды.

    Химия ҳәм тоқымашылық санааты, "ақыллы" аўыл хожалығы, геология, денсаўлықты сақлаў ҳәм фармацевтика, туризм ҳәм басқа да тармақларда кооперацияны кеңейтиўге келисип алынды.

    Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңесин иске қосып, усы жылдың ақырына шекем олардың дәслепки мәжилислерин өткериў усынысы билдирилди. Еки мәмлекеттиң жетекши компания ҳәм ислеп шығарыўшыларының қатнасыўында Өзбекстан-Иордания бизнес форумының өткерилиўи исбилермен топарлар арасында узақ мүддетли шериклик байланысларын орнатыўға хызмет етеди.

    Мәденият, билимлендириў ҳәм туризм тараўларындағы алмасыўларды, соның ишинде, қоспа мәденият ҳәптеликлери, концертлер, экспозиция ҳәм көргизбелер өткериў арқалы және де жеделлестириўге таярлық билдирилди.

    Өзбекстан ҳәм Иордания халықлары арасындағы дослық байланыслары узақ тарийхқа ийе болып, бүгинги күнде жаңа басқышқа көтерилмекте. Усы көзқарастан, улыўма руўхый мийрасты биргеликте үйрениў тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў, еки мәмлекеттиң исламтаныў орайлары ҳәм институтлары арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери додаланды.

    Тәреплер кеңпейил ҳәм ағартыўшылық ислам идеяларын биргеликте алға қойыў зәрүрлиги ҳаққында бирдей пикирге келди. Мәмлекетимиз басшысы Патша Абдулла II тәрепинен буннан 10 жыл бурын басланған "Ақаба процеси" басламасын жоқары баҳалап, бул әҳмийетли басламаның гезектеги мәжилислеринен бирин Самарқанд қаласында өткериўди усыныс етти.

    Еки мәмлекет пайтахтлары арасында турақлы авиақатнаўлардың жолға қойылыўы ҳәм визасыз режим енгизилиўи исбилерменлик байланыслары ҳәм өз-ара туристлер ағымының көбейиўине хызмет ететуғыны атап өтилди.

    Глобал ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысылды.

    Сөйлесиўлердиң жуўмағында Патша Абдулла II ибн ал-Ҳусайн мәмлекетимиз басшысын Иорданияға сапар менен барыўға мирәт етти.

    Сөйлесиўлер конструктивлик, ашық ҳәм исенимли руўхта өтти.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates