Өзбекстан Президенти Вьетнам менен әмелий шерикликти кеңейтиў әҳмийетли екенин атап өтти

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-апрель күни мәмлекетимизде рәсмий сапар менен болып турған Вьетнам Миллий мәжилисиниң Баслығы Чан Тхань Ман басшылығындағы делегация менен ушырасыў өткерди.

    Сөйлесиў алдынан делегация басшысы Өзбекстан жетекшисине Вьетнам Коммунистлик партиясы Бас хаткери То Лам, Президенти Луонг Куонг ҳәм Бас министри Фам Минь Тиннинг сәлемин жеткерди.

    Өзбекстан менен Вьетнам арасындағы көп қырлы қатнасықларды, бәринен бурын, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўларда буннан былай да раўажландырыў мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

    Ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық сөйлесиўлерге системалы түр бериў зәрүр екенлиги атап өтилди. Усы жылы Ханой қаласында Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси ҳәм бизнес форумын нәтийжели өткериў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Жаңа жойбарларды алға қойыў ушын энергетика, геология, нефть-химия, электротехника, тоқымашылық, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тармақларда санаат кооперациясы бойынша комплексли бағдарлама таярлаўға келисип алынды.

    Мәденият ҳәм туризм тараўларындағы алмасыўларды, соның ишинде, визасыз тәртипти енгизиў арқалы раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.

    Биргеликтеги басламалардың әмелий орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде парламентлераралық сөйлесиўди жеделлестириўге келисип алынды.