Өзбекстан Президенти Халықаралық автомобиль федерациясы менен бирге ислесиўди раўажландырыў режелерин қоллап-қуўатлады

    Сиясат 9 желтоқсан 2025 428

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 9-декабрь күни Ташкент қаласында өтип атырған усы абырайлы структураның Бас ассамблеясында қатнасыў шеңберинде мәмлекетимизде болып турған Халықаралық автомобиль федерациясы (FIA) президенти Муҳаммад бин Сулайым басшылығындағы делегацияны қабыл етти.

    Делегация қурамында, сондай-ақ, FIA Сенатының президенти Кармело Санс де Баррос ҳәм федерация президентиниң автомобиль мобиллиги ҳәм туризм мәселелери бойынша орынбасары Тим Ширман да бар.

    Автомобиль спортын тәртипке салыўшы ҳәм жол ҳәрекети қәўипсизлигин хошаметлеўши бул глобаллық шөлкем менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

    Муҳаммед бин Сулайым Өзбекстанда профессионал ҳәм ғалабалық спортты раўажландырыў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, халықтың физикалық белсендилигин арттырыў, бәркамал әўладты тәрбиялаўға қаратылған кең көлемли реформаларды жоқары баҳалады.

    Мәмлекетимизде автомобиль спортының картингтен баслап формулалы жарысларға шекемги барлық түрлерин раўажландырыўда тығыз бирге ислесиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Федерацияның FIA университетиниң имканиятларынан пайдаланған ҳалда өзбекстанлы ушыўшылар, картингистлер, инженерлер, конструкторлар ҳәм механиклерди таярлаўға жәрдемлесиў, Өзбекстанда заманагөй автоспорт инфраструктурасын жаратыў, адамлар ҳәм транспорт ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарламаларын әмелге асырыў, сондай-ақ, FIA қәўендерлигинде халықаралық жарысларды, биринши гезекте, "Формула-1" басқышларын өткериў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

    Ушырасыў соңында мәмлекетимиз басшысы Халықаралық автоспорт федерациясы менен бирге ислесиўди раўажландырыў, сондай-ақ, Өзбекстанда автоспортты халықаралық стандартларға сәйкес түрде ғалаба ен жайдырыўға қосқан үлкен жеке үлеси ушын FIA басшысына мәмлекетимиздиң жоқары сыйлығы - "Дўстлик" орденин тапсырды.

    Атап өтиў керек, Өзбекстан 2019-жылдан берли федерацияның белсенди ағзасы есапланады. Өткен жылы Самарқанд қаласында FIAның 120 жыллығына бағышланған гезексиз юбилей Бас ассамблеясы болып өтти. Бул ретки илаж шеңберинде 12-декабрь күни «Humo Arena» комплексинде жоқары мәртебели сырт елли мийманлар ҳәм чемпион-ушыўшылардың қатнасыўында ең жақсы спортшылар ҳәм командаларды сыйлықлаў мәресими болып өтеди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates