баннер
2 Apr 2025
04:16

    Өзбекстан Президенти Халықаралық дзюдо федерациясы менен шерикликти буннан былай да кеңейтиў режелерин қоллап-қуўатлады

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 27-февраль күни абырайлы "Үлкен Дубулға" халықаралық турнириниң шеңберинде елимизде болып турған Халықаралық дзюдо федерациясының басшысы Мариус Визерди қабыллады.

    Бул ири спорт шөлкеми менен мәмлекетимизде дзюдо мектебин раўажландырыў ҳәм усы жеке гүрес түрин ғалаба ен жайдырыў бағдарындағы нәтийжели бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

    Өзбекстан халықаралық федерация жумысында белсене қатнасып атырғанын атап өтиў керек. 2022-жылы мәмлекетимизде ересеклер арасында жәҳән чемпионаты, өткен жылы әскерий хызметкерлер арасында жәҳән бириншилиги табыслы өткерилди. Париж қаласында болып өткен жазғы Олимпиада ойынларында Диёра Келдиёрова Өзбекстан тарийхында биринши мәрте дзюдо бойынша алтын медалды қолға киргизди.

    Федерация басшысы Мариус Визер мәмлекетимизде саламат турмыс тәризин ғалаба ен жайдырыў ҳәм спорттың барлық түрлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жаслар, әсиресе, қызларды кеңнен тартыў, заманагөй спорт инфраструктурасын жаратыў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды жоқары баҳалады.

    Ушырасыўда спортшылар, тренерлер ҳәм төрешилерди таярлаўда федерацияның техникалық жәрдеми ҳәм эксперт жәрдемин кеңейтиў, талантлыларды таңлаўдың нәтийжели механизмин енгизиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

    Буннан тысқары, мәмлекетимиз аймақларында дзюдо бойынша халықаралық жарысларды турақлы өткерип барыў усынысы билдирилди.

    Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан Президенти миллий дзюдо мектебин раўажландырыўға қосқан үлкен жеке үлеси ушын Халықаралық дзюдо федерациясының басшысы Мариус Визерге мәмлекетимиздиң жоқары сыйлығы - "Дўстлик" орденин тапсырды.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech