Қытай миллий нефть-газ корпорациясы углеводород шийки затын қазып алыў ҳәм қайта ислеў бойынша жоқары технологиялық жойбарларды мәмлекеттиң ишинде ҳәм сыртқы базарларда әмелге асырыўға қәнигелескен дүньяның ең ири энергетика компанияларынан бири болып есапланады. Компанияның базар капиталласыўы 200 миллиард доллардан аслам.
Ушырасыўда CNPCтиң мәмлекетимизге киргизген тиккелей инвестицияларының көлеми 5 миллиард доллардан артқаны атап өтилди.
Қытай компаниясы менен инвестициялық бирге ислесиў портфелин кеңейтиў ҳәм жер асты тәбийғый газ сақлаў имаратларын қурыў, инфраструктураны модернизациялаў, заманагөй метрологиялық стандартлар ҳәм инновациялық шешимлерди енгизиў жойбарларын алға қойыў режелери көрип шығылды.









