Илажда Япония экономика, саўда ҳәм санаат министри Рёсэй Аказава, сондай-ақ, Sojitz, Sumitomo, Toyota, ITOCHU, Mitsubishi, Marubeni, Daito Trust Construction, NEC, SBI Holdings, Ajinomoto, Japan Tobacco, Hitachi, Mitsui, Balcom, NEC, Eurus Energy, Chubu Electric Power, Shikoku Electric, Shimizu, Hankyu Travel International, Японияның Металл ҳәм энергетика тараўында қәўипсизликти тәмийинлеў шөлкеми (JOGMEC), Япония халықаралық бирге ислесиў банки (JBIC), Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (JICA), Япония экспорт ҳәм инвестицияларды қамсызландырыў компаниясы (NEXI), Япония сыртқы саўданы раўажландырыў шөлкеми (JETRO), Япония ҒМДА мәмлекетлери менен саўда ассоциациясы (ROTOBO), SBI Shinsei, Norinchukin банклери, Япония туристлик агентликлери ассоциациясы ҳәм басқалар.
Мәмлекетимиз басшысы ушырасыў қатнасыўшыларына мүрәжат етип, Япония бизнесиниң бундай үлкен қатнасыўы өз-ара исенимниң жоқары дәрежеси ҳәм тәреплердиң экономикалық шерикликти буннан былай да раўажландырыўдан мәпдарлығының исенимли дәлили екенин атап өтти.
Кейинги жылларда Өзбекстан ҳәм Япония арасындағы бирге ислесиў сапа жағынан жаңа көриниске ийе болғанын атап өтиў керек.
Бурын япон компаниялары тийкарынан жумысты бөлип алып ислеў жойбарларында қатнасқан болса, бүгинги күнде олар мәмлекет экономикасына жедел инвестиция киргизбекте, қоспа кәрханалар шөлкемлестирмекте, басқарыўда қатнаспақта, технологияларды өткермекте, миллий кадрлар таярлаўға үлес қоспақта.
Мине усындай сапа өзгерислериниң нәтийжесинде Япония Өзбекстанның тийкарғы экономикалық ҳәм технологиялық шериклеринен бирине айланды.
Саўда-экономикалық көрсеткишлерде де унамлы динамика бақланбақта: кейинги 8 жылда товар алмасыў 2 есеге, Өзбекстанда жумыс алып барып атырған Япония кәрханаларының саны болса 10 есеге көбейди.
Энергетика, денсаўлықты сақлаў, геология, мәлимлеме технологиялары, инфраструктура ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда беккем кооперация жолға қойылған.
Ушырасыўда Президентимиз мәмлекетимизди социаллық-экономикалық раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарларына тоқтап өтти.
Кейинги 8 жылда Өзбекстанның жалпы ишки өними 2 есеге артқаны атап өтилди. 2030-жылға барып елимизди дәрамат дәрежеси орташа көрсеткиштен жоқары болған мәмлекетлер категориясына алып шығыў ўазыйпасы қойылды.
Мәмлекетимиз басшысы Япония бизнесин Өзбекстанда санаатласыўды жеделлестириў, алдыңғы технологияларды енгизиў, өнимдарлықты арттырыў ҳәм экспорт имканиятларын кеңейтиўге қаратылған экономиканы модернизациялаў процесслеринде белсене қатнасыўға шақырды.
Усы мәниде, Япония исбилермен топарлары менен бирге ислесиўди және де раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды.
Энергетикалық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм "жасыл" өтиў, соның ишинде, қайта тиклениўши энергия дәреклерин ҳәм топлаў системаларын раўажландырыў, сондай-ақ, экономиканың углерод интенсивлигин азайтыў усылардың қатарына киреди.
Ең әҳмийетли пайдалы қазылмаларды терең қайта ислеп, толық қосымша қун шынжырын жаратыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Машина қурылысы ҳәм санаат үскенелерин раўажландырыў, заманагөй жоқары технологиялық индустриаллық экономиканы қәлиплестириў де перспективалы бағдарлар қатарына киреди.
Мәлимлеме технологияларын раўажландырыў, соның ишинде, жасалма интеллект ҳәм санластырыў бағдарындағы бағдарламаларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.
Және бир әҳмийетли бағдар сыпатында өндирис процесслерин автоматластырыў ҳәм санлы басқарыў системаларын енгизиў арқалы жоқары технологиялық ҳәм экспортқа бағдарланған өндирислер, санаат кооперациясы орайларына айланатуғын заманагөй арнаўлы экономикалық зоналарды шөлкемлестириў атап өтилди.
Атап айтқанда, JICA жәрдеминде Япония модельи ҳәм стандартлары тийкарында арнаўлы экономикалық зона шөлкемлестириў жойбары таярланбақта.
Сөзиниң жуўмағында мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан Японияны тек ғана инвестор емес, ал келешек санаатын қурыўда стратегиялық шерик сыпатында қабыл ететуғынын атап өтти.
Өз гезегинде, Япония исбилермен топарларының ўәкиллери Өзбекстандағы жумысын кеңейтиў бойынша умтылысларын билдирди ҳәм тийкарғы бағдарлар бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўда қатнасыў режелерин билдирди.
Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм министр Рёсэй Аказава жанында еки тәреплеме келисимлерди алмасыў мәресими болып өтти.