Бәринен бурын, сиз, әзизлер менен елимизде бәҳәр нәпеси гезип жүрген мине усындай пайызлы күнлерде дийдар көрисип турғанымнан оғада қуўанышлыман. Бәршеңизге өзимниң жоқары ҳүрметимди билдиремен.

Бәршеңизге белгили, инсан қәдирин улығлаў, халқымыздың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў, усы тийкарда адамларды турмыстан разы етиў - Жаңа Өзбекстанда алып барылып атырған реформалардың бас мақсети болып есапланады.

Бүгин жанажан Ўатанымыздың барлық ўәлаятлары, аўылларында әне усы уллы ҳәм ийгиликли мақсет қандай әмелий нәтийжелер берип атырғанын көрип, әлбетте, бәршемиз шексиз қуўанамыз. Буның әмелий тастыйығын гөззал ҳәм бийтәкирар Әндижан жеринде де анық көриўимиз мүмкин. Ўәлаятта санаат, исбилерменлик, аўыл хожалығы, бағлар жаратыў, көше ҳәм мәҳәллелерди абат етиў, халық ушын мүнәсип мийнет ҳәм жасаў шараятларын жаратыў бойынша көплеген мақтаўға ылайық жумыслар исленбекте.

Қәнекей, имканияты болса, бул сулыў үлкеге тез-тез келип, сиз, әзизлер менен шын жүректен сәўбетлессем. Себеби, сыр емес, мен бәрқулла сизлер сыяқлы мәрт ҳәм кеңпейил, қәлби - Аллада, қолы - жумыста болған инсанлар менен ушырасып, пикирлесип, өзим ушын шексиз руўхый күш аламан, руўхланаман.

Исеним менен айтыў мүмкин, Әндижан жеринде Жаңа Өзбекстан идеясы, Жаңа Өзбекстан нәпеси ҳәр бир мәҳәлле, ҳәр бир шаңараққа кирип бармақта, халқымызды жоқары-жоқары шеклерге ийтермелемекте.

Бул - реформаларымыздың биз күткен, пүткил халқымыз күткен ең үлкен, ең әҳмийетли нәтийжеси, десек, дурыс болады.

Қәдирли дослар!

Мақтаныш пенен айта аламыз, Әндижан пүткил мәмлекетимиз, Орайлық Азия регионының заманагөй, ири қалаларынан бири, ойпатлық гәўҳары болып есапланады. Бул әййемги жерден көплеген илимпазлар ҳәм ойшыллар, белгили шайыр ҳәм жазыўшылар, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери жетисип шыққан.

Әндижан - уллы ойшыл, дөретиўши шах Заҳириддин Муҳаммед Бабур бабамыз туўылған теберик журт екени бәршемизге мақтаныш бағышлайды.

Бүгинги күнде Әндижанда барлық тараў ҳәм тармақлар жедел раўажланбақта. Ҳәзирги ўақытта бул жерде жүдә үлкен потенциал бар. Мине, усындай үлкен имканиятларымызды иске қосыў, аймақты және де раўажландырыў мақсетинде сизлер менен буннан еки жыл алдын Жаңа Әндижан қаласы ҳәм "Жаңа Өзбекстан" бағын қурыў ҳаққында келисип алған едик.

Өткен дәўир даўамында бул үлкен жойбарды әмелге асырыў бойынша үлкен жумыслар исленгенине бәршеңиз гүўасыз. Тек гүўа емес, соның менен бирге оларда тиккелей қатнасыўшысыз. Қысқа ўақыт ишинде ҳәўес етсе арзыйтуғын мине усы гөззал қалаша менен бирге "Жаңа Өзбекстан" бағы да бой тикледи.

Сиз, әзизлерди, сизлер арқалы пүткил халқымызды мине усы уллы мийнет жеңиси менен қызғын қутлықлайман. Бундай пайызлы, саўлатлы орын бәршемизге, бәринен бурын, мийнеткеш ҳәм уллы мәртебели Әндижан халқына мүбәрек болсын, буйырсын!

Халқымыздың дөретиўшилик дәстүрлерин мүнәсип даўам еттирип киятырған, пидайылық ҳәм интакерлик пазыйлетлерин әмелий жумыслары менен көрсетип атырған әндижанлыларға, бул жумысларға үлес қосқан барлық инсанларға шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Усы жерде көптен берли ойлап жүрген бир басламаны сизлер менен мәсләҳәтлеспекшимен.

Өзиниң бийтәкирар илимий ҳәм дөретиўшилик мийрасы менен миллетимизди, халқымызды пүткил дүньяға танытқан уллы бабамыз Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың естелигин мәңгилестириў мақсетинде Жаңа Әндижан қалашасына - Бабур қаласы деп атама берсек, не дейсизлер?

Қоллап қуўатлағаныңыз ушын рахмет. Бул баслама ҳәр тәреплеме халқымыздың кеўлиндеги жумыс болатуғынына исенемен.

Себеби, ҳәзирети Бабур - жәҳән тарийхында сийрек ушырасатуғын сондай бийтәкирар, уллы шахс, оның ҳүрметине тек ғана көшелер ҳәм майданлар, бағлар емес, ал өз алдына қала қурсақ, әлбетте, арзыйды.

Себеби, Бабур Мырза - Темурийлер Ренессансының мүнәсип даўамшысы, илим, мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият, талант қәўендери болған уллы шахс болып есапланады.

Оның жаслық ўақытларынан елде тынышлық ҳәм әдиллик орнатыў ушын алып барған гүреслери, бул жолда көрсеткен мәртлиги ҳәм ерлиги пидайылық ҳәм ўатансүйиўшилик мектеби болып есапланады.

Сөзсиз, энциклопедиялық билим ҳәм ой-пикир ийеси болған бул классик бабамыздың тек ғана "Бабурнама" шығармасы ушын да оның ҳүрметине мине усындай гөззал қалаша қурсақ, арзыйды.

Себеби, тәкирарлаўға туўра келеди, Заҳириддин Муҳаммед Бабур сыяқлы дүньяға белгили ата-бабаларымыз бар екенлигин, олар Өзбекстанның перзенти екенин ҳеш қашан умытпаўымыз керек.

Өзлигимизди аңлап, даңқлы тарийхымызды жас әўладымызға, перзентлеримизге түсиндирсек, илим-ағартыўшылықты раўажландырсақ, уллы ата-бабаларымызға мүнәсип болып жасасақ, Жаңа Өзбекстанды да, Үшинши Ренессансты да әлбетте қурамыз!

Әзиз дослар!

Заҳириддин Муҳаммед Бабур бабамыз бар-жоғы 47 жыл өмир сүрди. Усы қысқа ўақыт ишинде ол инсанның ақылы жетпейтуғын қандай уллы ислерди әмелге асырғаны, қандай архитектуралық естеликлер, бағлар қурып, өзинен өшпес ат қалдырып кеткени де бәршемиз ушын жоқары өрнек үлгиси болып есапланады.

Усы мәнисте, ҳәзирети Бабурдың даңқы ҳәм қәдир-қымбатын орнына қойыў, оның бийбаҳа мийрасын халқымызға және де кеңирек танытыў, пүткил дүньяға үгит-нәсиятлаў ҳүрметли илимпаз ҳәм жазыўшыларымыздың, ҳәммемиздиң әҳмийетли миннетимиз болып есапланады.

Ўәлаят зыялылары, билимли жасларымыз, пүткил Әндижан халқы бул бағдарда және де белсендилик көрсетеди, деп исенемен.

Неге дегенде, әндижанлылар өзиниң бул уллы перзентиниң естелигин сол аўыр, езиўши дүзим дәўирлеринде де қәлбинде, ядында қәстерлеп-сақлап келгенин жақсы билемиз. Мәмлекетимиздиң жақын жәрдеми менен ҳүрметли ақсақалымыз Зокиржон ака Машрабов сыяқлы онлаған ағартыўшы инсанлар, Бабур халықаралық фонды ҳәм илимий экспедициясы қандай үлкен жумысларды әмелге асырып киятырғанын жоқары қәдирлеймиз.

Бул бағдарда бир мәселеге айрықша итибар қаратыўымыз зәрүр: Бабур Мырзаның бийбаҳа мийрасы - бул бир океан. Океанның болса ҳеш қашан түбине жетип болмайды.

Соның ушын елимизде, ўәлаятта бабуртаныў тараўында алып барылып атырған жумыслар тоқтап қалмаўы, керисинше, жаңа әўлад, күш-ғайратлы жасларымыз тәрепинен даўам еттирилиўи, және де жоқары басқышқа көтерилиўи зәрүр. Бул исте мен сизлерге ҳәр тәреплеме жәрдем бериўге бәрқулла таярман.

Әзиз дослар!

Елимизде әмелге асырылып атырған барлық өзгерислер менен реформаларымыз Бабур Мырза сыяқлы уллы ата-бабаларымыздың арзыў-нийетлери, турмыслық идеаллары, уллы ислерине үнлес десек, қәтелеспеген боламыз.

Бүгин сизлер менен биргеликте Бабур бабамыз туўылып өскен теберик жерде оның кеўлинде қалған әрманларын жүзеге шығарыў жолында және бир тарийхый ўақыяның қатнасыўшысы болмақтамыз, десек, әйне ҳақыйқат болады.

Бабур қаласын ҳәммемиз әрман еткен ең гөззал, ең заманагөй қалаға айландырыў бүгиннен баслап реал ўазыйпа етип күн тәртибине қойылады. Бул қаладан ҳақыйқый бабурийлер жетисип шығыўы ушын бабамыздың аты менен аталатуғын қәнигелескен бақша ҳәм мектеп, университет, музей, китапхана ҳәм IТ парктен ибарат ири билимлендириў кластери қурылады. Жоқары оқыў орны қурамында ең жоқары талапларға жуўап беретуғын спорт комплекси де қурылады.

Бир сөз бенен айтқанда, ҳәммемиз бирлесип, Бабур қаласын миллий қәдириятларымызды өзинде жәмлейтуғын руўхый орынға, билимлендириў ҳәм илим қаласына, жасларымыз ушын илҳам ҳәм үлги, ушыў майданына, тек ғана ойпатлық емес, ал мәмлекетимиздиң туризм ҳәм мәденият орайына, "жасыл инфраструктура" тийкарында қурылған заманагөй "смарт-сити", яғный, ақыллы қалаға айландырамыз.

Бабур қаласының майданы 4 мың гектар болады ҳәм бул жерде 500 мың халық мүнәсип жасаўы ҳәм ислеўи ушын барлық шараятлар жаратылады.

Бул қала, тап уллы шайыр ҳәм ойшыл Әлийшер Наўайы аты берилген уллы қала сыяқлы, даңқлы тарийхымыз бенен келешегимиз арасында мәнаўий көпир болады, жаңа тарийхымыздан мүнәсип орын алады.

Мине, усы парк аймағының ең бийик ноқатында Заҳириддин Муҳаммед Бабур бабамыздың жаңа, саўлатлы ҳәйкелин де орнатамыз.

Бабур қаласы миллий мәденият ҳәм көркем өнеримиз, өзбеклерге тән миймандослық, кеңпейиллик ҳәм бирге ислесиўди сәўлелендиретуғын өзине тән айна болыўы зәрүр.

Бул ийгиликли мақсетлерди әмелге асырыў ушын үлкен бағдарлама қабыл етемиз, 250 миллион доллар муғдарында дәслепки капиталға ийе болған өз алдына қор шөлкемлестириледи. Ҳәр жылы бул қорға қосымша қаржы ажыратылады.

Бүгинги илажда Бас министрдиң орынбасарлары, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары да қатнаспақта. Оларға айрықша тапсырма: бул мегажойбар бир айдан кешикпей басланыўы шәрт.

Ҳүрметли Әндижан халқы!

Мине усы заманагөй амфитеатр сахнасында, мине усы гөззал бағда халқымыздың бийбаҳа көркем өнери бәрқулла көрсетилип, уллы шайырларымыздың қосықлары жаңлап турса, әйне мақсетке муўапық болады.

Бул кеше усы жаңа мәденият орайында белгили көркем өнер ғайраткерлери ҳәм талантлы жас атқарыўшылардың қатнасыўында болып өтетуғын концерт бағдарламасы бул жолда ийгиликли дәстүрди баслап береди, десек, дурыс болады.

Пурсаттан пайдаланып, елимиздеги барлық мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлерин бүгинги кәсиплик байрамы менен пүткил халқымыздың атынан, өзимниң атымнан шын жүректен қутлықлайман.

Ҳәммемиз жақсы билемиз, Заҳириддин Муҳаммед Бабур дүньяның қайсы жеринде, қайсы үлкесинде болмасын, өмир бойы ўатан сағынышы менен жасады. Бүгин уллы ата-бабамыздың әрманлары орынланды, ол өз ўатанына руўхый жақтан қайтып келди, десем, сизлер де бул пикирге қосыласыз, деп ойлайман.

Мине усындай уллы, тарийхый күн бәршемизге мүбәрек болсын!

Сизлерге, сизлердиң тымсалыңызда Әндижан халқына тынышлық-аманлық, беккем денсаўлық, жаңа жетискенликлер ҳәм әўметлер тилеймен.