Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң "Орайлық Азия - Италия" саммитиндеги шығып сөйлеген сөзи

    Сиясат 30 мамыр 2025 2484

    Ҳүрметли делегациялар басшылары! Саммитти жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ҳәм дәстүрий миймандослық ушын Қазақстан Республикасы Президенти, ҳүрметли Қасым-Жомарт Кемелович Тоқаевтың атына билдирилген миннетдаршылық сөзлерине қосыламан.

    Италия Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ҳүрметли Жоржиа Мелони ханымға бүгинги ушырасыўды шөлкемлестириў ҳаққындағы басламасы ушын және бир мәрте миннетдаршылық билдиремен.

    Биз бул конференцияны жақында Самарқанд қаласында өткерилген саммитте Орайлық Азия регионының Европа менен стратегиялық шериклиги ҳаққында ерисилген келисимлердиң нәтийжеси, деп билетуғынымызды атап өтпекшимен.

    Өзбекстан тәрепи бул форматтағы нәтийжели әмелий бирге ислесиўди, бәринен бурын, мәмлекетлеримиздиң технологиялық, санаат ҳәм интеллектуаллық потенциалын есапқа алған ҳалда раўажландырыўға қатаң бел байлаған.

    Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

    Ушырасыўымыз ушын усыныс етилген күн тәртибин толық қоллап-қуўатлайман.

    Глобал ҳәм регионаллық сиясий процесслердиң бүгинги реал шараятында, қәўипсизлик ҳәм раўажланыўға улыўма қәўип-қәтерлер күшейип атырған бир ўақытта Италия менен көп тәреплеме қарым-қатнас майданын иске қосыўымыз оғада зәрүр еди, деп есаплайман.

    Еллеримизди көп әсирлик саўда ҳәм мәдений байланыслар тарийхы өз-ара байланыстырып туратуғынын да айрықша атап өтиўди қәлер едим. Дәслепки дипломатиялық алмасыўлар Кушан патшалығы ҳәм император Август ҳүкимдарлығы дәўирине туўра келеди. Буннан мың жыллар бурын шежирешилер, шайыр ҳәм ойшыллар қалаларымыз жоқары дәрежедеги цивилизациялық раўажланыўға ерискенин атап өткен.

    Және бир дәлил - XII әсирден баслап италиялы илимпазлар Муҳаммед Хорезмий, Аҳмед Ферғаний, Әбиў Әлий ибн Синаның бийбаҳа шығармаларын үйренген ҳәм аўдарған. Регионымыздан жетисип шыққан Әбиў Насыр Фарабий, Әбиў Райхан Беруний, Абдураҳман Жәмий, Мақтымқулы Фирағий ҳәм басқа да белгили ойшыллар шығармаларының сийрек ушырасатуғын нусқалары Италия китапханаларында қәстерлеп сақланбақта.

    Қатнасықларымыздың бундай бай тарийхы жаңа басқышта кең көлемли шериклик ушын беккем тийкар болып хызмет етпекте.

    Ҳүрметли кәсиплеслер!

    "Орайлық Азия - Италия" форматында өз-ара бирге ислесиўдиң тийкарғы тәреплери ҳаққындағы көзқарасларымызға қысқаша тоқтап өтпекшимен.

    Сиясий тараўда сыртқы сиясат уйымлары дәрежесинде турақлы сөйлесиўлерди даўам еттириў тәрепдарымыз. Халықаралық күн тәртибинде өз-ара муўапықластырыў ҳәм келисилген көзқарасларды талап ететуғын бир қатар әҳмийетли мәселелер бар.

    Италия Бас министри, ҳүрметли Мелони ханымның Украина әтирапындағы жағдайды тыныш жол менен шешиў ушын тиккелей сөйлесиўлерди тезирек баслаў бойынша жедел дипломатиялық ҳәрекетлерин алғыслаймыз.

    Сизиң Жақын Шығыс машқаласы ҳәм Аўғанстан менен бирге ислесиў перспективаларына байланыслы көзқарасларыңыз ушын миннетдаршылық билдиремен.

    Кеше Самарқандта биз бул нәзик мәселелерди толық додаладық ҳәм көзқарасларымыз уқсас екенин атап өттик.

    Терроризм, экстремизм, радикализм, наркотрафик ҳәм нызамсыз миграцияға қарсы гүресиўде көп тәреплеме форматларда жумысшы механизмлерди ҳәм арнаўлы хызметлеримиз арасында мәлимлеме алмасыўды жолға қойыўды усыныс етемен.

    Экономика тараўында соңғы жыллары Өзбекстан ҳәм Италия арасындағы өз-ара саўда айланысы ҳәм инвестициялар көлеми дерлик үш есеге өскенин атап өтпекшимен.

    Италияның жетекши компаниялары менен биргеликте технологиялық кооперация жойбарлары әмелге асырылмақта.

    Мәмлекетти инновациялық раўажландырыўда Италия исбилерменлер жәмийетшилигиниң дәстүрий күшли позициясын есапқа алып, саўда-санаат палаталарымыздың қәўендерлигинде бизнес-диалог ушын турақлы майдан - "Орайлық Азия - Италия" исбилерменлер клубын дүзиўди усыныс етемен. Исбилерменлердиң кең қатнасыўындағы бундай ушырасыўлар ҳәр жылы мәмлекетлеримиз пайтахтларында өткерилиўи ҳәм саўда және инвестиция тараўындағы бирге ислесиў ушын жаңа имканиятлар ашыўы мүмкин.

    Биз, сондай-ақ, көп тәреплеме Санаат ҳәм технологиялық кооперация бағдарламасының ислеп шығылыўы ҳәм қабыл етилиўи әҳмийетли, деп есаплаймыз. Бул жерде сөз технологиялар трансфери, алдынғы билимлер ҳәм ең жақсы әмелиятларды енгизиў, жоқары технологиялы санаат кәрханаларын жаратыў ушын қолайлы шараятларды қәлиплестириў ҳаққында бармақта.

    Бар табыслы тәжирийбени есапқа алып, минерал ресурслар ҳәм аўыл хожалығы шийки затын терең қайта ислеў, электротехника, химия, тоқымашылық, былғары аяқ кийим, азық-аўқат ҳәм басқа да қайта ислеў тараўлары ушын заманагөй әсбап-үскенелерди ислеп шығарыў, аўысық бөлеклер ҳәм санаат өнимлерин локализациялаў, Италияның жетекши брендлери менен биргеликте дизайн орайларын жаратыў кооперацияның әҳмийетли бағдарларына айланыўы мүмкин.

    Регионаллық әҳмийетке ие жойбарларды әмелге асырыў ушын Ташкент аймағында Европа операторы басқарыўында арнаўлы санаат паркин жаратыў жумысларына киристик.

    Кооперациялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын Италияның «SACE» ҳәм «SIMEST» мәмлекетлик агентликлери, сондай-ақ, қоспа инвестициялық қорларды тартыў зәрүр, деп есаплаймыз.

    Биз Италия ҳүкимети менен "жасыл" трансформация тараўындағы нәтийжели бирге ислесиўди жоқары қәдирлеймиз. Зыянлы газлер шығарылыўын қысқартыў бойынша миллий бағдарламалардың орынланыўына жәрдемлесиўге қаратылған көп тәреплеме платформаларды иске қосыў арқалы кең көлемли шерикликти раўажландырыўға үмит етемиз.

    Италияның жетекши өндирис ҳәм инженерлик компанияларын тартқан ҳалда, қайта тикленетуғын энергетика, соның ишинде, Европа Аўқамы мәмлекетлерине "жасыл" энергия жеткерип бериў, кәрханалардың аудити ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў, суў инфраструктуралары объектлерин модернизациялаў, водород технологияларын раўажландырыў тараўларындағы жойбарларды әмелге асырыўға таярмыз.

    Гуманитарлық тараўдағы бирге ислесиў ҳаққында сөз еткенде, өзиниң билимлендириў бағдарламаларын сезилерли дәрежеде кеңейтип атырған Турин политехника ҳәм Пиза университетлериниң Ташкенттеги филиалларының нәтийжели жумыс алып барып атырғанын айрықша атап өтиўди қәлер едим. Италияның басқа да жетекши жоқары билимлендириў мәкемелериниң регионымызға артып баратырған қызығыўшылығын қоллап-қуўатлаймыз.

    Инженерлик, дизайн, суўды үнемлеў ҳәм биологиялық технологиялар сыяқлы бағдарларда илимий қолланбалар жаратыў ҳәм қаржыландырыў, академиялық алмасыўлар ҳәм кадрлар таярлаў бағдарламалары ушын "Орайлық Азия - Италия" илимий-билимлендириў консорциумын шөлкемлестириў басламасын алға қоямыз.

    Жетекши операторлар арасында шериклик байланысларын жолға қойыў ҳәм биргеликтеги туристлик өнимлерди жаратыў ушын туризм альянсын иске қосыўдан мәпдармыз.

    Жақында Рим ҳәм Флоренция қалаларында өткерилген көргизбе ҳәм мәдений илажлар италиялы досларымызда оғада үлкен қызығыўшылық оятты.

    Усы мүнәсибет пенен келеси жылы Хийўада регион мәмлекетлери ҳәм Италия жасларының Креатив экономика ҳәм мәдений алмасыўлар форумын өткериўди усыныс етемен.

    Ҳүрметли делегациялар басшылары!

    Сөзимниң жуўмағында Өзбекстан "Орайлық Азия - Италия" форматында өз-ара пайдалы ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға садық екенин және бир мәрте тастыйықлайман.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates