Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң “Турақлы энергетика – Жаңа Өзбекстанның келешекке қарай исенимли қәдеми” атамасындағы конференциядағы шығып сөйлеген сөзи

    Сиясат 5 желтоқсан 2025 466

    Ҳүрметли дослар! Ханымлар ҳәм мырзалар!

    Бүгин сизлер менен ири генерация қуўатлықларын иске қосыў ҳәм жаңаларына старт бериў мәресиминде ушырасып турғанымыздан оғада қуўанышлыман.

    “Турақлы энергетика – Жаңа Өзбекстанның келешекке қарай исенимли қәдеми” деп аталған әнжуманымыз тек ғана энергетика тармағының раўажланыўы емес, ал мәмлекетимиздиң турақлы раўажланыўы жолындағы және бир үлкен әмелий қәдем болатуғынына исенемен.

    Бүгин жедел пәтлерде өсип атырған экономикамыз ҳәм халықтың талап ҳәм мүтәжлигинен келип шығып, энергетика системасында үлкен реформаларды әмелге асырмақтамыз. Биз бул бағдарда еки әҳмийетли мақсетке ерисиўди тийкарғы ўазыйпа етип белгиледик.

    Бириншиси, барлық тармақ ҳәм аймақлар ушын исенимли ҳәм үзликсиз энергия тәмийнатын жолға қойыў.

    Екиншиси болса, мине, усы режемизди заманагөй, экологиялық таза ҳәм қайта тикленетуғын альтернатив дереклер есабынан әмелге асырыў болып табылады.

    Соңғы жыллары энергетика системасына 35 миллиард доллар сырт ел инвестициясы тартылғанын ҳәм 9 мың мегаватт жаңа қуўатлықлар иске қосылғанын атап өтиў орынлы. Нәтийжеде электр ислеп шығарыў көлеми 2017-жылдағы 60 миллиард киловатт-сааттан усы жылы 85 миллиард киловатт-саатқа жетти. Итибарлы тәрепи, дерлик 5 мың мегаваттлы қуяш ҳәм самал, 400 мегаваттлы гидроэлектр станциялары иске қосылды. Жәми генерация қуўатлықларында “жасыл” энергияның үлеси усы жылы 30 процентке жеткериледи.

    Буннан тысқары, жеке меншик сектор, халықтың үйлери ҳәм социаллық тараў объектлеринде 2 мың мегаваттлы киши қуяш панельлери орнатылды. Оларда усы жылдың өзинде қосымша түрде 2 миллиард киловатт-саатқа шамалас альтернатив энергия ислеп шығарылды. Сондай-ақ, аймақларда 69 мың километр электр тармақлары, 14 мың трансформатор ҳәм жоқары күшлениўли подстанциялар жаңаланды.

    Тараўдағы бундай өзгерислер жергиликли кәрханалардың раўажланыўына да үлкен түртки бермекте. Бул кәрханалар тәрепинен жаңадан қурылып атырған электр станциялары ҳәм тармақларына жыл басынан берли 700 миллион долларлық қурылыс материаллары, металл конструкциялар, кабель өткизгишлер, электр қурылмалары жеткерип берилди, жойбарлаў-инжиниринг ҳәм қурылыс хызметлери көрсетилди.

    Бир ғана мысал. Нарын каскад гидроэлектр станциясының 38 мегаваттлы биринши гидроэлектр станциясы толық жергиликли өнимлерден пайдаланған ҳалда иске қосылды.

    Тараўдың раўажланыўына хызмет ететуғын қурылыс, электротехника ҳәм сервис кәрханаларымыз келешекте халықаралық стандартларға жуўап беретуғын ири миллий компанияларға айланатуғынына әлбетте исенемен.

    Усы мәниде, бүгин иске қосылып атырған ҳәм жылына 15 мың трансформатор ислеп шығаратуғын “Ангрен энерго” және 155 гидроагрегат таярлайтуғын “Uzhydopower” кәрханалары үлкен перспективаға ийе, десек, дурыс болады.

    Қәдирли мийманлар!

    Энергетика тараўында ерисип атырған үлкен жетискенликлеримиз ҳәм шеклеримизде сизлер сыяқлы потенциаллы инвесторлар ҳәм исенимли шериклеримиздиң шексиз үлеси бар.

    Пурсаттан пайдаланып, елимизге үлкен инвестиция киргизип атырған ҳәм ең алдынғы технологияларды алып келип атырған Бирлескен Араб Әмирликлери энергетика ҳәм инфраструктуралар министри Сухайл ал-Мазруий мырзаға, Түркия Республикасы энергетика ҳәм тәбийғый ресурслар министри Алпарслон Байроқдор мырзаға, Әзербайжан энергетика министри Парвиз Октай улы мырзаға, Қырғыз Республикасы энергетика министри Таалайбек Ибрайев мырзаға шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

    Сондай-ақ, Саудия Арабстанының “ACWA Power”, Түркияның “АКSА”, “Cengiz Enerji”, Бирлескен Араб Әмирликлериниң “Masdar”, Қытайдың “China Energy”, “Datang”, “Sinoma”, “Poly”, “CNTIC”, “Eagle Ray”, Францияның “EDF”, “Voltalia”, “Total Energies”, Германияның “Siemens Energy” ҳәм Қатардыӊ “Nebras” компанияларына, сондай-ақ, Жәҳән банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Азия раўажланыў банки, Азия инфраструктуралық инвестициялар банки, Ислам раўажланыў банки ҳәм басқа да қаржы институтларының ўәкиллерине терең миннетдаршылық билдиремен.

    Әзиз дослар!

    Бүгин сизлер менен бирге тараўдың раўажланыўына оғада үлкен үлес қосатуғын, дерлик 11 миллиард долларлық 42 жаңа қуўатлылық ҳәм инфраструктура объектлерин иске қосамыз. Және 21 жаңа жойбардың қурылысына старт беремиз. Атап айтқанда, аймақларымызда жәми 3 мың 500 мегаваттлы 16 қуяш, самал, ыссылық ҳәм гидро станциялары пайдаланыўға тапсырылады.

    Олар толық қуўатлылықта ислеп баслағаннан соң, жылына 15 миллиард киловатт-саат электр генерация етиледи. Нәтийжеде келеси жылы “жасыл” энергия ислеп шығарыў көлемин 23 миллиард киловатт-саатқа жеткеремиз. Итибар бериң, бул – Өзбекстан халқының жыллық электр энергиясынан пайдаланыўы толық қапланады дегени.

    Ең әҳмийетлиси, таза энергия есабынан тәбийғый газдиң жумсалыўы дерлик 7 миллиард куб метрге азаяды. Атмосфераға 11 миллион тонна зыянлы затлар шығыўының алды алынады.

    Бүгин 1 мың 245 мегаваттлы 10 энергия сақлаў системасын да иске қоспақтамыз. Бул энергия ең көп тутынылатуғын тығыз ўақытларда қосымша 1,5 миллиард киловатт-саат электр энергиясын тармаққа узатыў имканиятын береди.

    Ҳәзир пайдаланыўға тапсырылып атырған 11 ири подстанция ҳәм 420 километр жоқары күшлениўли тармақлар системаның турақлы ислеўине хызмет етеди.

    Ҳүрметли илаж қатнасыўшылары!

    Әлбетте, биз ерискен нәтийжелеримиз бенен тоқтап қалмаймыз. Келеси 5 жылда 150 миллиард доллардан аслам сырт ел инвестициялары есабынан мыңлаған санаат ҳәм инфраструктура объектлерин иске қосып, жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратамыз.

    Халыққа қолайлы шараят жаратыў ушын “Жаңа Өзбекстан” массивлери ҳәм басқа да аймақларда 800 мыңнан аслам квартиралы, энергияны үнемлейтуғын көп қабатлы турақ жайлар қурылады.

    МТ, жасалма интеллект ҳәм “буйымлар интернети” сыяқлы жаңа бағдарлардағы компаниялар ушын тартымлы орталық жаратыў ушын заманагөй супер компьютер кластери ҳәм дата-орайлар санын көбейтемиз.

    Ҳәзирги ўақытта Саудия Арабстанының “DataVolt” компаниясы 3 миллиард долларлық инвестиция есабынан 500 мегаваттлы дата-орай қурыў бойынша жумысларды баслағанын айтып өтпекшимен.

    Бундай кең көлемли жумысларымыз электр энергиясына болған талап ҳәм зәрүрликти кеминде 1,5 есеге арттырады. Сонлықтан, жақын келешектеги режелеримизге қысқаша тоқтап өтпекшимен.

    Бириншиден, электр энергиясына артып баратырған талапты қаплаў ушын 2030-жылға шекем қосымша 17 мың мегаваттан аслам қайта тиклениўши энергия қуўатлықлары иске қосылады.

    Нәтийжеде “жасыл” энергияның жәми генерациядағы үлесин 54 процентке жеткеремиз. Бүгин Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Қашқадәрья, Ташкент ўәлаятларында баҳасы 3 миллиард 300 миллион доллар болған 3,5 мың мегаваттлы “жасыл” қуўатлықларға старт берилип атырғаны бул жолдағы үлкен қәдем болады.

    Жаңа қуўатлықларды бирден-бир энергия системасына байланыстырыў ушын 6 мың километр жоқары күшлениўли тармақлар тартылады. Атап айтқанда, келеси жылдың өзинде 1 мың километр тармақлар өткерилип, подстанцияларда 6 мың мегаватт қосымша қуўатлықлар жаратылады.

    Екиншиден, биз электр энергиясын генерациялаў бағдарындағы реформаларымыз нәтийжесинде тараўға сырт ел инвестицияларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында тиккелей тартыўда үлкен тәжирийбе арттырдық.

    Усы жылдан баслап тек ғана электр энергиясын ислеп шығарыў емес, ал оны тутыныўшыларға жеткерип бериўде де жеке меншик шериклик принциплерин қолланыўды басладық. Атап айтқанда, Самарқанд аймақлық электр тармақларын жеке меншик басқарыўға бериў бойынша Түркияның “Акса Electric” компаниясы менен келисимге еристик. Бул компания жойбар шеңберинде тармақты операциялық басқарыўға алып, инвестиция киргизеди, тармақларды модернизациялайды, шығынларды басқышпа-басқыш 2 есеге азайтады. Нәтийжеде ҳәр жылы орташа 20 миллион доллар үнемленеди.

    Усындай тәжирийбе тийкарында келеси жылы Жиззақ ҳәм Сырдәрья, 2027-жылы Наманган ҳәм Ташкент ўәлаятларының электр тармақлары басқарыўын да инвесторларға усыныс етемиз.

    Үшиншиден, халықтың альтернатив энергия дереклеринен пайдаланыўын қоллап-қуўатлаў бойынша жумысларымызды жедел даўам еттиремиз.

    Жаңа жылда Қытай тәжирийбеси тийкарында 300 мәҳәлле аймағында халық пенен кооперация арқалы 107 мегаваттлы қуяш станциялары орнатылады. Бул социаллық жойбар кеңнен енгизилип, 30 мың кәмбағал шаңараққа “жасыл” энергия кирип барады. Олар өзлериниң зәрүрлигинен артықша электр энергиясын тармаққа узатып, дәрамат табады.

    Исбилерменлеримиз де суў ресурсларынан үнемли пайдаланып, быйыл 40 мегаваттлы киши ҳәм микро ГЭСлер қурды. Нәтийжеде 120 миллион киловатт-саат электр энергиясы ислеп шығарылды ҳәм олар қосымша дәрамат дерегине ийе болды.

    Келеси жылы 65 мегаваттлы киши ҳәм микро ГЭСлер қурылады. Бул жойбарлар есабынан 80 мың шаңарақта электр тәмийнаты түп-тийкарынан жақсыланады.

    Төртиншиден, жақында Бразилияда өткен CОP-30 климат конференциясында биз өз басламамыз бенен Париж келисими шеңберинде әҳмийетли миннетлемени мойнымызға алдық. Яғный 2035-жылға шекем зыянлы газлер эмиссиясын 50 процентке қысқартыўды алдымызға мақсет етип қойдық.

    Жаңа жылда Қытай тәжирийбеси тийкарында 300 мәҳәлле аймағында халық пенен кооперация арқалы 107 мегаваттлы қуяш станциялары орнатылады. Бул социаллық жойбар кеңнен енгизилип, 30 мың кәмбағал шаңараққа “жасыл” энергия кирип барады. Олар өзлериниң зәрүрлигинен артықша электр энергиясын тармаққа узатып, дәрамат табады.

    Исбилерменлеримиз де суў ресурсларынан үнемли пайдаланып, быйыл 40 мегаваттлы киши ҳәм микро ГЭСлер қурды. Нәтийжеде 120 миллион киловатт-саат электр энергиясы ислеп шығарылды ҳәм олар қосымша дәрамат дерегине ийе болды.

    Бул бағдарда Жәҳән банки менен дүньяда биринши инновациялық “ICRAFT” жойбарын басладық. Оның шеңберинде Өзбекстан тәрепинен азайтылған 23 миллион тонна ыссыхана гази есапқа алынды. Онда углерод кредити системасын жолға қойып, халықаралық дәрежеде углерод бирликлери саўдасын әмелге асырыўға киристик.

    Усы жылдың өзинде 17 ири санаат кәрханамыз “жасыл” энергия бойынша халықаралық сертификатлар системасына өтти. Олар өндиристиң 30 процентин “таза” энергияға өткергени есабынан халықаралық базарларда өнимлериниң тартымлылығы кескин артпақта. Келеси еки жылда бундай кәрханалардың санын 100 ге жеткеремиз.

    Бесиншиден, соңғы жыллары генерация қуўатлықларын сезилерли дәрежеде көбейткенимиз есабынан қоңсы мәмлекетлер менен бирден-бир энергетика базарын жаратыў бойынша шерикликти беккемледик.

    Регионымыздың гидроэнергетика потенциалынан нәтийжели пайдаланып, биргеликте басқарыў мақсетинде келеси жылы Қырғызстан ҳәм Қазақстан менен “Қамбарата ГЭС-1” жойбарын қаржыландырыўға кирисемиз.

    Усы жерде Европаға электр энергиясын экспорт етиў бойынша “жасыл коридор” жойбары шеңберинде тығыз бирге ислесип атырған Әзербайжан ҳәм Қазақстан басшыларының исенимли ҳәрекетлерин айрықша атап өтпекшимен.

    Қәдирли илаж қатнасыўшылары!

    Биз бүгин иске қосып атырған барлық жойбарлар экономикалық өсиўди тәмийинлеп, келешек әўладларымыз ушын жаңа имканиятлар есигин ашады. Бундай жедел ҳәрекетлеримиз ҳәм басламаларымыз бенен биз жаңаша модельдеги заманагөй энергетика системасын әлбетте толық қурамыз.

    Сөзимниң жуўмағында бул жойбарларда белсене қатнасып атырған энергетика тараўының ўәкиллерине, барлық жумысшылар, инженерлер ҳәм сырт елли шериклеримизге және бир мәрте шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

    Бәршеңизге саў-саламатлық, үлкен күш-ғайрат ҳәм әўметлер тилеп қаламан.





    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates