Әлем бәҳәр сәўлеси ҳәм жыллылығына толып атырған мине усы гөззал мәўсимде бизиң қутлы жеримизге Шығыстың жаңа жылы - Наўрыз байрамы кирип келмекте.
Бүгин биз Наўрызды мүбәрек Рамазан ҳайыты менен бирге, мисли еки уллы дәрья бирден-бир ағымға айланып кеткендей етип белгилеп атырмыз.
Бәринен бурын, сиз, әзизлерди, көп миллетли пүткил халқымызды тәбияттың ояныўы ҳәм руўхый пәклениўдиң тымсалы болған мине усындай жақсы, әжайып әййямлар менен қызғын қутлықлайман.
Сондай-ақ, узақ ҳәм жақын сырт еллерде мийнет етип, билим алып атырған ўатанласларымызды да қутлықлап, жақсы тилеклеримди билдиремен.
Наўрыз елимизге тынышлық ҳәм бахыт-ығбал инам етсин!
Әзиз дослар!
Бәҳәрди асығыслық пенен күткен кеўиллеримиз жаңа күн, жаңа турмыстың ырғақларына үнлес соғып атыр.
Сақаўатлы жаўын-шашын себепли дәрья ҳәм көллер ығаллы суўға толы. Бағлар, таўлар, тегисликлер жасыл липас кийип, өнимли жылдан дәрек береди.
Қала ҳәм аўылларда, ойпатлық ҳәм оазислерде халық сейиллери, тамашалар басланады.
Наўрыз күнлеринде улыўма миллий аўызбиршилигимиз, дөретиўшилик потенциалымыз және де айқын көзге тасланады.
Биз Наўрыз қәдириятларына садық қалған ҳалда, миллети, тили, динине қарамастан, ҳәр бир ўатанласымыздың, пүткил халқымыздың мүнәсип турмысын тәмийинлеўге және де үлкен итибар қаратпақтамыз.
Буның дәлили сыпатында быйылғы байрамды "Наўрызды улығлаў - инсанды улығлаў!" сүрени астында өткеремиз.
Барлық аймақларымыз, аўыл ҳәм мәҳәллелеримизге Жаңа Өзбекстан руўхын алып кириў бойынша үлкен жумысларды басладық.
Жаңа жумыс орынларын жаратыў, кәмбағаллықты қысқартыў, социаллық қорғаўды күшейтиў бойынша әҳмийетли қәдемлер тасламақтамыз. Жаңа заманагөй кәрханалар, коммуникация тармақлары, ықшам турақ жайлар, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият, спорт объектлери қурылмақта. Келешекте бундай жумыслардың көлемин және де кеңейтемиз.
Мине усындай жаңаланыў дәўиринде барлығымыз шебер дийқан ҳәм фермерлеримизге терең ҳүрмет көрсетемиз. Шаңарақларда қут-берекет ҳәм берекет байланыслы болған ийгиликли жумысыңызда жаңадан-жаңа табыслар тилеймиз. Себеби, сизлердиң машақатлы мийнетиңиз бенен халқымыздың абадан турмысы тәмийинленбекте. Онда мәмлекет ҳәм жәмийет сизлерди бәрқулла қоллап-қуўатлайды.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Жаңа Өзбекстан жасларымыз ушын жоқары пәрўазлар ҳәм үлкен жеңислер майданына айланбақта.
Жақында жаслар менен өткерилген ушырасыўда буған және бир мәрте исеним пайда еттим. Ҳәр бир тараўда - билимлендириў, илим, мәденият ҳәм көркем өнер, спорт, IТ ҳәм бизнесте жаңа атлар, жаңа қаҳарманлар пайда болмақта.
Мине, усындай билимли, күш-ғайратлы, бәрқулла изленип жасайтуғын жас әўлад пенен бәршемиз ҳақылы түрде мақтанамыз.
Әзизлерим, сизлер Үшинши Ренессанстың дөретиўшилери болыўдай уллы бахытқа ҳәм жоқары мәртебеге миясар болдыңыз. Әлбетте, сизлер ата-бабаларымыздың көп әўладлары әрман еткен бул уллы әрманды әмелге асырыўға уқыплысыз.
Егер сизлер бүгинги тыныш ҳәм татыў турмыс, жаратылған үлкен имканиятлар, ата-ана, устаз ҳәм тәрбияшылардың мийнетин қәдирлеп, тынымсыз оқып, өз үстиңизде ислесип, билим ҳәм шеберлигинизди арттырсаңыз, алдынызда гөззал келешек ашылады. Бул жолда сизлер ушын барлық шараятларды жаратып бериўге таярмыз.
Сизлер Ўатан ушын, миллет ҳәм халық ушын жасасаңыз, Ўатан ҳәм халық сизлердиң ҳәрекетлериңизди мүнәсип қәдирлейди!
Әзиз ул-қызлар, сизлер Жаңа Өзбекстанның алтын әўладысыз, бәрқулла күш-ғайратлы болып, Ўатанымыз байрағын бәлент көтериң!
Ҳүрметли ўатанласлар!
Мәҳәлле дегенде өзимиз жасайтуғын үлкениң гөззал келбети көз алдымызға келеди. Биз "Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў жылы"нда жақсы нийетлер менен үлкен бағдарлама ҳәм режелерди әмелге асырмақтамыз.
Шаңарақ ҳәм жәмийетте тынышлық-татыўлық, өз-ара ҳүрмет ҳәм мийрим-шәпәәт орталығын беккемлеў, орынларда социаллық машқалаларды шешиў, инсаныйлық ҳәм әдиллик идеяларын әмелде беккемлеў бағдарындағы бул жумысларда ҳүрметли нураныйларымыз, "мәҳәлле жетилиги" ағзалары, белсенди пуқараларымыз тиккелей қатнасады, деп исенемен.
Пурсаттан пайдаланып, ертең белгиленетуғын Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни мүнәсибети менен жергиликли ҳәкимият уйымларының баслықлары ҳәм белсендилерин, барлық ўатанласларымызды шын жүректен қутлықлап, оларға жаңа табыслар тилеймен.
Әзиз дослар!
Наўрыз мың жыллар даўамында халықлар арасында руўхый көпир ўазыйпасын атқарып келмекте. Ҳәзирги тыныш емес заманда онда жәмленген тынышлық, дослық ҳәм бирге ислесиў идеялары барған сайын әҳмийетли болып бармақта.
Елимизде жасап атырған 130 дан аслам миллет ҳәм халық ўәкиллери бул байрамды үлкен бир шаңарақ сыпатында, қуўанышлы руўхта белгилемекте. Мине, усындай дослық, өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршилик Жаңа Өзбекстанды қурыўдың ең исенимли кепили болып есапланады.
Жәмийетимизде миллетлер ҳәм конфессиялараралық татыўлықты буннан былай да беккемлеўге бар күш ҳәм имканиятларымызды жумсаймыз. Қоңсылас дос мәмлекетлер менен биргеликте бирден-бир Орайлық Азияға айланып, регионымыздың тынышлық, туўысқанлық ҳәм бирге ислесиў қорғаны сыпатындағы абырайын арттырыўға тийкарғы әҳмийет қаратамыз.
Пурсаттан пайдаланып, салтанатымызда қатнасып атырған сырт мәмлекетлердиң ҳүрметли елшилери, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерин Халықаралық Наўрыз күни менен қызғын қутлықлап, олардың мәмлекетлери ҳәм халықларына раўажланыў тилеймен.
Ҳүрметли дослар!
Мине, усындай әжайып демлерде бәршеңизге, пүткил халқымызға мүрәжат етип айтпақшыман: әзизлерим, қараң, елимиз қандай гөззал, жеримиз қандай сақаўатлы ҳәм берекетли, тәбиятымыз қандай бийбаҳа!
Лекин, ең үлкен қәдирият - мине, усы байлықларды әсирлер даўамында қәстерлеп сақлап киятырған мийнеткеш, кеңпейил ҳәм уллы халқымыз болып есапланады.
Егер Жаратқанның бизге инам еткен жер, суў ҳәм басқа да байлықларын қәстерлеп сақлап, олардан ақылға уғрас пайдалансақ, әлбетте, имканиятларымыз буннан былай да көбейеди.
Әййемги дәстүрлеримизди даўам еттирип, терек егип, бағ егип, шаңарақ ҳәм мәҳәллелеримизди абат етип, турмысымызды және де абат ҳәм абадан етемиз!
Биз өз бахытын қолға киргизип атырған, жақсы қоңсышылығы, дослық руўхы, ийгиликли ислери, пидәкерлик мийнети менен ҳүрмет-иззетке ерисип атырған халық екенимизди және бир мәрте тастыйықлаймыз!
Жасларымыз заманагөй билим ҳәм кәсип-өнерлерди, шет тиллерин пуқта ийелеп, бәркамал әўлад болып камалға келиўи ушын барлық ислерди әмелге асырайық!
Бәршемиз биргеликте және де бирлесип, жаңа турмыс, жаңа тарийх, жаңа келешек жаратамыз!
Қәдирли ўатанласлар!
Сиз, әзизлерди, пүткил халқымызды бәҳәр ҳәм жаңаланыў байрамы менен және бир мәрте қызғын қутлықлайман.
Жаңа Өзбекстан Наўрызы мәмлекетимиз ушын өсиў ҳәм раўажланыў дәўири болсын!
Барлық ийгиликли арзыў-нийетлеримиз әмелге ассын!
Жаратқанның өзи жанажан Ўатанымызды ҳәмийше сақласын!