Өзбекстан менен Япония арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди, соның ишинде, парламентлераралық бағдарда кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Еки мәмлекет парламентлери делегацияларының өз-ара сапарлары ҳәм ушырасыўлары жеделлескени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Парламентлерде дослық топарлары жедел жумыс алып бармақта. Май айында Токиода гезектеги парламентлераралық форум табыслы өткерилди.
Парламенттиң тийисли комитетлери, халық депутатлары жергиликли кеңеслери ҳәм Япония префектуралары ассамблеялары арасында бирге ислесиўди жолға қойыў, санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект тараўында нызам дөретиўшилиги бойынша тәжирийбе алмасыў зәрүр екенлиги атап өтилди.









