Пәрманға муўапық, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 109-статьясы 23-бәнтине тийкарланып жаза мүддетин өтеп атырған және қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем өткен 523 шахс әпиў етилди.
Әпиў етилгенлердиң 195 и тийкарғы жазадан толық азат етилди, 147 и жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли азат етилди, 87 синиң еркинен айырыў жазасы жеңилирек жаза менен алмастырылды. Сондай-ақ, 94 шахсқа тайынланған еркинен айырыў жазасының мүддетлери қысқартылды.
Әпиў етилгенлердиң 8 ин сырт ел пуқаралары, 45 ин ҳаял, 31 ин 60 жастан асқан ер адам, 220 ын жаслар (соннан 1 и ержетпеген) және 15 ин қадаған етилген шөлкемлердиң жумысында қатнасқан шахслар қурайды.
Пәрманның орынланыўы бойынша әпиў етилген шахсларды шаңарағы ҳәм жақынларының қушағына қайтарыў, социаллық турмысқа бейимлесип, пайдалы мийнет пенен шуғылланыўы, саламат турмыс тәризин жолға қойып, жәмийетте мүнәсип орын табыўы ушын оларға жәрдем бериў бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға тийисли тапсырмалар берилди.