Пәрманға муўапық, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 109-статьясы 23-бәнтине тийкарланып жаза мүддетин өтеп атырған ҳәм қылмысына шын жүректен пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли өткен 483 шахс әпиў етилди.
Әпиў етилген шахслардың 107си жазадан толық азат етиледи, 275 и жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли азат етиледи, жетеўине тайынланған жаза жеңилирек жаза менен алмастырылады. Сондай-ақ, 94 шахсқа тайынланған еркинен айырыў жазасының мүддетлери қысқартылады.
Әпиў етилгенлердиң 25 ин сырт ел пуқаралары, 32 син ҳаял-қыз, бесеўин 60 жастан өткен ер адамлар, 274 ин жаслар (солардан, 104 и жас өспиримлер) ҳәм алтаўын қадаған етилген шөлкемлердиң жумысында қатнасқан шахслар қурайды.
Пәрманның орынланыўы бойынша әпиў етилген шахсларды шаңарақ ҳәм жақынларының қушағына қайтарыў, жәмийетлик турмысқа бейимлесип, пайдалы мийнет менен шуғылланыў, саламат турмыс тәризин жолға қойып, жәмийетте мүнәсип орын табыўы ушын оларға жәрдем бериў бойынша жуўапкер министрлик ҳәм уйымларға тийисли тапсырмалар берилди.