Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен байрам қутлықлаўы

    Сиз, әзизлерди, көп миллетли пүткил халқымызды Өзбекстан Қураллы Күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни менен қызғын қутлықлайман.

    Ҳүрметли әскер ҳәм сержантлар, офицер ҳәм генераллар!

    Ҳүрметли Қураллы Күшлеримиз ветеранлары!

    Қәдирли ўатанласлар!

    Сиз, әзизлерди, көп миллетли пүткил халқымызды Өзбекстан Қураллы Күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни менен қызғын қутлықлайман.

    Бәршемиз ушын даңқ тымсалына айланған мине усы қутлы әййямда өз өмирин Ўатан қорғаўдай уллы иске бағышлаған мәрт ҳәм батыр улларымызды, ҳүрметли ветеранларымызды қутлықлап, олардың ҳүрметине ең жақсы тилеклеримизди билдиремиз.

    Сизлердиң күш-ғайратыңыз, ел-журтқа садықлығыңыз себепли халқымыздың тыныш ҳәм парахат турмысы тәмийинленбекте, мәмлекетимиздиң қорғаныў потенциалы беккемленбекте, миллий армиямыздың жаўынгерлик қәбилети жоқарыламақта.

    Елимиз бойлап мәртлик гимнлери жаңлап атырған бүгинги уллы күнлерде Ўатан алдындағы миннетин орынлаў ўақтында қайтыс болған қаҳарман әскерлеримиздиң өшпес естелиги алдында бәршемиз ҳүрмет көрсетемиз.

    Пурсаттан пайдаланып, мәрт ҳәм баҳадыр журт қорғаўшыларын тәрбиялаған барлық ата-аналарға, әскерий хызмет даўамында Ўатан қорғаўшыларына таўдай таяныш болып киятырған олардың шаңарақ ағзаларына шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

    Әзиз дослар!

    Кейинги жылларда алып барып атырған кең көлемли реформаларымыз себепли Қураллы Күшлеримиз мәмлекетимиз ғәрезсизлигин, шегараларымыз қол қатылмаслығын, халқымыздың тыныш ҳәм татыў турмысын тәмийинлеўдиң ҳақыйқый кепилине айланып бармақта.

    Барлық әскер түрлери заманагөй қурал-жарақ ҳәм техника менен тәмийинленбекте. Әскерий хызметкерлердиң жаўынгерлик ҳәм руўхый таярлығы үзликсиз артып бармақта. Миллий армиямыз олар ушын, жасларымыз ушын мәртлик ҳәм даңқ мектебине айланбақта.

    Ең әҳмийетлиси, халық пенен армия барған сайын жақынласып баратырғаны әскерий тараўдың раўажланыўына жаңаша күш ҳәм сапа бағышламақта.

    Бүгинги күнде нәўқыран әўладымыз арасында әскерий хызметке қызығыўшылық күшейип, мыңлаған жигит-қызларымыз Ўатан қорғаўға исенимли бел байлап атырғаны бәршемизди шексиз қуўандырады. Биз мине усындай жигерли перзентлеримиз тымсалында болажақ қаҳарманларымызды, Қураллы Күшлеримиздиң болажақ офицер ҳәм генераллары, шебер сәркардаларды көремиз.

    Ҳәзирги ўақытта, дүнья көлеминде ҳәр қыйлы қәўип-қәтерлер, қураллы соқлығысыўлар барған сайын күшейип атырған оғада қурамалы жағдайда Қураллы Күшлеримиздиң жаўынгерлик потенциалын, әскерий хызметкерлердиң физикалық ҳәм руўхый таярлығын арттырыў ҳәр қашанғыдан да үлкен әҳмийетке ийе екенин бәршемиз жақсы түсинемиз.

    Усы мүнәсибет пенен "Өзбекстан - 2030" стратегиясы тийкарында бул бағдарда баслаған жумысларымызды пүткиллей жаңа сапа басқышына көтериўимиз шәрт. Атап айтқанда, Қураллы Күшлеримизди жаңа, модернизацияланған оқ атыў системалары ҳәм техника менен тәмийинлеўди әскерий ҳәрекетлер театрының өзгешеликлерин, әскерлерди раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын есапқа алған ҳалда даўам еттиремиз.

    Әскерий хызметкерлердиң интеллектуаллық потенциалын арттырыў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, мектеплерде баслаўыш әскерий билимлендириўдиң сапасын арттырыў, оқыўшы жасларды әскерий хызметке таярлаў жумысларын күшейтиўге айрықша итибар қаратамыз.

    Әскер ҳәм офицерлердиң профессионал шеберлиги, әскерий билим орынларында тәлим-тәрбия нәтийжелилигин арттырыў, маман әскерий кадрлар резервин жаратыў бәрқулла тийкарғы ўазыйпамыз болып қалады.

    Әскерий хызметкерлер, олардың шаңарақ ағзалары, Қураллы Күшлеримиз ветеранларын социаллық қорғаў, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў буннан былай да дыққатымыз орайында болады.

    Мине, усы әҳмийетли ўазыйпаларды орынлаўда, сөзсиз, әскерий-ҳәкимшилик секторлар, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер және кең жәмийетшиликтиң белсене қатнасыўы оғада үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, халық пенен пикирлесиў ҳәм мәсләҳәт тийкарында, оның қатнасыўында әмелге асырылған жумыс әлбетте, қүдиретли унамлы күшке ийе болады.

    Улыўма, бүгинги күнде бәршемиз - қайсы тараў ямаса тармақта, қайсы лаўазымда ислеўимизге қарамастан, Ўатан қорғаўшысы болыўымыз зәрүр. Бул талапты дәўирдиң өзи алдымызға қатаң ўазыйпа етип қоймақта ҳәм халқымыз да бизден әйне соны күтпекте.

    Қәдирли Ўатан қорғаўшылары!

    Ана журт қалқанлары, тынышлық қорғаўшылары ҳүрметленетуғын мине усы қуўанышлы күнде сиз, әзизлерди даңқлы байрамыңыз бенен және бир мәрте шын жүректен қутлықлайман.

    Бәршеңизге муқаддес антыңызға садық болып, хызмет ўазыйпасын жоқары дәрежеде орынлаўда беккем денсаўлық, үлкен табыслар, шаңарақлық бахыт, шаңарақларыңызға тынышлық, қут-берекет тилеймен.

    Жанажан Ўатанымызды қорғаў жолында ҳеш қашан шаршамаң, жетискенликлер ҳәм жеңислер бәрқулла сизлерге яр болсын!

    Шавкат Мирзиёев,

    Өзбекстан Республикасы Президенти,

    Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы