Россия Президентиниң өткен жылы май айындағы Өзбекстанға мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген келисимлерди жетекшилер тәрепинен тастыйықланған "жол картасы"на муўапық әмелге асырыў нәтийжелери көрип шығылды.
Ҳәр қыйлы дәрежелерде белсене даўам етип атырған нәтийжели сөйлесиў ҳәм алмасыўлар жоқары баҳаланды. Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўдиң тийкарғы көрсеткишлериниң өсиў пәтин тәмийинлеў, сондай-ақ, еки мәмлекет аймақларында санаат кооперациясы жойбарларын қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылды.
Гуманитарлық бирге ислесиў, бәринен бурын, мәденият, көркем өнер, илим, билимлендириў, соның ишинде, инженер кадрларды таярлаў, денсаўлықты сақлаў ҳәм спорт тараўларында кеңейип атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Өзбекстан ҳәм Россия жетекшилери халықаралық күн тәртибиндеги мәселелер бойынша да пикир алысып, болажақ илажлар режесин додалады.