Өзбекстан Республикасында турақ жай ҳәм ипотека базарын турақлы раўажландырыў илажлары ҳаққында

    20 қараша 2025 988

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

    Турақ жай тараўының турақлы раўажланыўын тәмийинлеў, турақ жай қурыў ҳәм сатып алыўдың тең салмақлы системасын қәлиплестириў, турақ жай қурыў көлемлерин анықлаў ҳәм тараўдағы мәмлекетлик басқарыў нәтийжелилигин бар талап ҳәм зәрүрликлерди есапқа алған ҳалда арттырыў, сондай-ақ, турақлы экономикалық өсиў, халық санының артыўы ҳәм урбанизация процесслеринен келип шыққан ҳалда ҳәр бир пуқара ушын қолайлы жасаў шараятларын жаратыў мақсетинде қарар етемен:

    I. Мақсетлер.

    Турақ жай тараўының турақлы ҳәм тең салмақлы раўажланыўын тәмийинлеў, 2040-жылға шекем ҳәр жылы қурылатуғын турақ жайлар санын 2 есеге арттырып, 421 мыңға жеткериў, ипотека кредитлери портфелин 10 еседен зыят арттырыў ҳәм 56,7 миллиард АҚШ долларына жеткериў усы Пәрманның тийкарғы мақсетлери етип белгиленсин.

    2. Төмендегилер турақ жай тараўын турақлы ҳәм тең салмақлы раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

    (а) ири агломерацияларда қала орталығын раўажландырыўды тәмийинлеген ҳалда турақ жай фондының өсиўин ҳәм урбанизация процесслерин қоллап-қуўатлаў;

    (б) халықтың турақ жай шараятларын жақсылаў ҳәм "Жаңа Өзбекстан" массивлерин қурыў жумысларын избе-из даўам еттириў, 2040-жылға шекем турақ жай фондында заманагөй турақ жайлардың үлесин 50 процентке жеткериў;

    (в) турақ жай базарына банк қаржыландырыўын ҳәм институционал инвесторлардың қаржыларын, соның ишинде, ипотека кредитинен пайдаланыў арқалы тартыў;

    (г) үлеслик қурылысқа инвестиция киргизиўши физикалық шахслардың ҳуқықларын қорғаў;

    (д) "Турақ жайдың бирден-бир турмыс цикли" принципи тийкарында турақ жай қурылысы тараўын комплексли реформалаў ҳәм оны әмелге асырыўдағы тосқынлықларды сапластырыў.

    II. Бағдарламалық ҳүжжетлер ҳәм оларды әмелге асырыў механизмлери.

    3. Төмендегилер:

    (а) 2040-жылға шекемги дәўирде Өзбекстан Республикасында турақ жай ҳәм ипотека базарын турақлы раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары (кейинги орынларда - Тийкарғы бағдарлар) 1-қосымшаға муўапық;

    (б) 2040-жылға шекемги дәўирде Өзбекстан Республикасында турақ жай ҳәм ипотека базарын турақлы раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары бойынша мақсетли көрсеткишлер 2-қосымшаға муўапық;

    (в) 2040-жылға шекемги дәўирде Өзбекстан Республикасында турақ жай ҳәм ипотека базарын турақлы раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын әмелге асырыў бойынша илажлар комплекси 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

    4. Тийкарғы бағдарлар урбанизация, турақ жай базары ҳәм ипотеканы 2040-жылға шекем турақлы раўажландырыў тараўында мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўдың базасы екенлиги, бул тараўда ислеп шығылыўы мөлшерленген барлық жаңа нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер оларға қосымша етилиўи белгиленсин.

    5. Турақ жайларды қурыўға биринши гезекте қурылысы жуўмақланбаған турақ жайлар ҳәм санаат зоналарын тартыў, сондай-ақ, комплексли қурыў принципи тийкарында экологиялық таза өнимлер ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологиялардан пайдаланған ҳалда турақ жай массивлериниң инженерлик, транспорт ҳәм социаллық инфраструктураларын алдыннан қурыўды нәзерде тутатуғын турақ жайлардың қурылысын шөлкемлестириў тәртиби енгизилсин.

    6. Комплексли қурылыс принципи шеңберинде:

    (а) тек ашық-айдын ҳәм толық ислеп шығылған режелер тийкарында комплексли қурылыс бағдарламаларын таярлаў;

    (б) комплексли қурылыс ушын ажыратылатуғын жер участкаларының меншиклестириў бағдарламаларына киргизилиўи ямаса басқа жойбарларға тартылыўына, сондай-ақ, мақсетли бағдарының өзгертилиўине жол қоймаў;

    (в) комплексли қурылыс жойбарларына киргизилетуғын жер участкалары, көшпес мүлк объектлери ҳәм олардың ҳуқық ийелери ҳаққында толық мағлыўмат бериў;

    (г) регионлардың келешектеги социаллық мүтәжликлерин есапқа алатуғын жойбарларды әмелге асырыўға комплексли қатнасты қолланыў;

    (д) көшпес мүлк объекти мүлк иесиниң көшпес мүлк объекти жайласқан жер участкасына ижара ямаса мүлк ҳуқықына ийелик етиўге болған толық ҳуқықын кепиллеў.

    III. Әмелий ҳәм институционал илажлар.

    Өзбекстан Республикасында урбанизация, турақ жай ҳәм ипотеканың турақлы раўажланыўын тәмийинлеў бойынша муўапықластырыўшы кеңес 4-қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин.

    8. Өзбекстан Республикасында урбанизация, турақ жай ҳәм ипотека базарын турақлы раўажландырыўдың тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

    (а) халықтың турақ жайға ийелик етиў имканиятын асырыў;

    (б) турақ жай қурылысында реновация тийкарында қурылатуғын турақ жайлардың үлесин басқышпа-басқыш арттырып барыў, сондай-ақ, социаллық қорғаўға мүтәж пуқараларды турақ жай менен тәмийинлеў;

    (в) үй-жайлардың артықша қурылыўы ямаса жетиспеўшилиги алдын алыў.

    9. Урбанизация ҳәм турақ жай базарын турақлы раўажландырыў бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий комитети (кейинги орынларда - Миллий комитет) шөлкемлестирилсин.

    10. Миллий комитет:

    (а) урбанизация процесслери, турақ жай қурылысы, реновация ҳәм ипотека тараўында мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў, сондай-ақ, бул бағдардағы бағдарламаларды муўапықластырыў ҳәм раўажландырыў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйым есапланады;

    (б) өз жумысын Министрлер Кабинети менен тығыз бирге ислесиўде шөлкемлестиреди ҳәм әмелге асырады. Онда Министрлер Кабинети урбанизация процесслерин мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўда, турақ жай қурылысы, реновация ҳәм ипотека бағдарламаларын әмелге асырыўда, сондай-ақ, мәмлекетлик турақ жай сиясатын нәтийжели әмелге асырыўда Миллий комитетке ҳәр тәреплеме жәрдемлеседи.

    11. Миллий комитет жумысының тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:

    (а) урбанизация процеслерин муўапықластырыў ҳәм раўажландырыў;

    (б) нәтийжели ҳәм турақлы турақ жай сиясатын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

    (в) реновация бағдарламаларының нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеў;

    (г) "Жаңа Өзбекстан" массивлерин қурыў бойынша жумысларды муўапықластырыў, соның ишинде, аймақларды таңлаўда урбанизациялаўдың нызамшылықта белгиленген нормалары ҳәм принциплерине әмел етилиўин тәмийинлеў.

    IV. Пәрманның орынланыўын шөлкемлестириў, тәмийинлеў ҳәм қадағалаў

    Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Кадастр агентлиги (кейинги орынларда - Агентлик) Миллий комитет системасына өткерилсин.

    13. Әдиллик министрлиги Миллий комитет, Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги менен биргеликте белгиленген тәртипте:

    (а) бир ҳәпте мүддетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Өзбекстан Республикасы Урбанизация ҳәм турақ жай базарын турақлы раўажландырыў миллий комитети жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында"ғы қарары жойбары;

    (б) бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Өзбекстан Республикасы Урбанизация ҳәм турақ жай базарын турақлы раўажландырыў миллий комитети жанындағы Кадастр агентлигиниң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында"ғы қарары жойбары;

    (в) еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды киргизсин.

    Экономика ҳәм қаржы министрлиги:

    (а) бир ай мүддетте 2025-жылы Миллий комитеттиң жумысын шөлкемлестириў ушын талап етилетуғын қаржыларды ажыратсын. Онда, Миллий комитетти мебель, компьютер ҳәм басқа да зәрүр инвентарлар менен тәмийинлеў ушын қаржылар ажыратылыўы нәзерде тутылсын;

    (б) 2026-жылдан баслап ҳәр жылы Мәмлекетлик бюджет параметрлерин қәлиплестириўде Миллий комитеттиң жумысын қаржыландырыў ушын зәрүр қаржыларды нәзерде тутсын.

    15. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 25-январьдағы "Республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысын нәтийжели жолға қойыўға байланыслы биринши гезектеги шөлкемлестириў илажлары ҳаққында"ғы ПП-14-санлы Пәрманына 5-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.

    16. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жеке жуўапкер етип Урбанизация ҳәм турақ жай базарын турақлы раўажландырыў миллий комитети баслығы белгиленсин.

    17. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў, сондай-ақ, оның орынланыўына жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

    Өзбекстан Республикасы Президенти

    Ш.Мирзиёев


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates