Нызамға бола, "Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен эколог" ҳүрметли атағы мәмлекетимизде экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўын раўажландырыў, тәбиятты қәстерлеп сақлаў, биологиялық көп түрлиликти сақлаў, ықлым өзгериўи ақыбетлерин жумсартыў, тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды қайта тиклеў бағдарында салмақлы нәтийжелерге ерискен экобелсендилерге бериледи.
Сондай-ақ, экологиялық жақтан таза ҳәм инновациялық технологияларды ислеп шығыўда ҳәм әмелиятқа енгизиўде, жасыл аймақларды кеңейтиўде ҳәм көклемзарластырыў жумысларында айрықша баслама көрсеткен, халықтың экологиялық мәдениятын арттырыў, жас әўладты тәбиятқа ҳүрмет руўхында тәрбиялаў ҳәм системада жоқары маман кадрларды таярлаў бағдарында пидәкерлик пенен мийнет етип атырған қәниге-хызметкерлерге ҳәм тараўдың басқа да ўәкиллерине, сондай-ақ, усы бағдарда жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырып атырған экобелсендилерге бериледи.
Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.