“Дунё“ МАның хабар бериўинше, Статистика комиссиясы 1947-жылы БМШның Экономикалық ҳәм социаллық Кеңеси (ЭСК) тәрепинен функционал уйым сыпатында шөлкемлестирилген. Ол халықаралық статистика тараўының раўажланыўын белгилеп бериўши тийкарғы ҳүкиметлераралық шөлкем болып, универсал статистика стандартлары ҳәм методологиялық принциплерге байланыслы жумысларды муўапықластырады. Комиссия 24 мәмлекеттен ибарат болып, олар 4 жылда бир мәрте географиялық бөлистириўди есапқа алып сайланады.

Өзбекстанның усы уйым ағзасы етип сайланыўы мәмлекетте Президент басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың халықаралық көлемде тән алынғанлығын ҳәм мәмлекеттиң глобал процесслердеги өсип баратырған ролин көрсетеди.

Статистика комиссиясына толық ағза болыў Өзбекстан ушын глобал статистика сиясатын қәлиплестириўде қатнасыў, миллий тәжирийбе ҳәм реформалардың жетискенликлерин көрсетиў, сырт ел тәжирийбелерин үйрениў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў ушын кең имканиятлар ашып береди.