Өзбекстан темир жол транспорты тараўы хызметкерлерине

    Қәдирли дослар!

    Бәринен бурын, сиз, әзизлерди - мың-мыңлаған мийнеткеш жол қурыўшы ҳәм локомотившилер, қурылысшы ҳәм инженерлер, энергетик ҳәм байланысшылар, машинист ҳәм вагон бақлаўшыларын, тараўдың барлық жумысшы-хызметкерлери ҳәм ветеранларын бүгинги кәсиплик байрамыңыз бенен қызғын қутлықлап, өзимниң жоқары ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.

    Сизлердиң пидәкерлик мийнетиңиз бенен қурылып атырған жаңа темир жол ҳәм коммуникация тармақлары, станция ҳәм вокзаллар, халық ҳәм шөлкемлерге көрсетилип атырған хызметлер халқымыздың узағын жақын, аўырын жеңил етиўде, мәмлекетимиздиң транзит потенциалын арттырыўда, экономикамыз тармақлары ҳәм социаллық объектлердиң турақлы ислеўин тәмийинлеўде, әлбетте, шексиз әҳмийетке ийе.

    Усы қутлы әййямда күни-түни нәтийжели мийнет етип, мине, усындай жуўапкершиликли тараўдың раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атырған көп миллетли темир жол жәмәәтлерине, системадағы барлық хызметкерлерге өзимниң атымнан, пүткил халқымыздың атынан терең миннетдаршылық билдиремен.

    Ҳүрметли темир жолшылар!

    Соңғы жыллары миллий раўажланыў бағдарламаларын әмелге асырыў процесинде мәмлекетимиздиң транспорт-коммуникация ҳәм транзит потенциалын арттырыўға тийкарғы әҳмийет берип атырғанымыз сизлерге жақсы белгили. Бул бағдардағы кең көлемли реформалар себепли Өзбекстан темир жолларының жумысы түп-тийкарынан жетилистирилип, тараўда әҳмийетли жойбар ҳәм бағдарламалар турмысқа енгизилип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтиў керек. Қысқа мүддетте 3 мың 800 километрден аслам темир жол электрлестирилип, Бухара - Үргенш - Хийўа темир жолы қурып питкерилгени, локомотив парки заманагөй тепловоз, электровоз ҳәм электричкалар менен толықтырылып атырғаны бул бағдардағы жумысларымыздың көлеминен дәрек береди.

    Ең әҳмийетлиси, бундай ҳәрекетлеримиз үзликсиз ҳәм даўамлы болып, буның тастыйығын Ташкент - Үргенш - Хийўа жөнелисинде жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын электр поездларының қатнаўын жолға қойыў, Мискин - Нөкис темир жол тармағын электрлестириў, Ташкент - Бухара - Хийўа және Ташкент - Шыршық - Хожикент жөнелислеринде қурылыс процесслери жеделлик пенен алып барылып атырғаны мысалында айқын көриў мүмкин.

    Буннан тысқары, быйыл халыққа сапалы транспорт хызметин көрсетиў, туризмди раўажландырыў мақсетинде Самарқанд қаласынан Ургут қаласына, Ташкент ўәлаятындағы Байтқорған станциясынан Паркент районына темир жол тармағын тартып барыў жумыслары басланды. Сондай-ақ, Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан темир жолы қурылысы бойынша ири халықаралық жойбарға старт берилгени тек ғана мәмлекетимиз емес, ал регионымыз келешеги ушын да әҳмийетли ўақыя болды.

    Қәдирли тараў хызметкерлери!

    Бүгинги күнде темир жол транспортын буннан былай да раўажландырыў, көрсетилип атырған хызметлердиң түрин ҳәм көлемин көбейтиў, олардың сапасын арттырыў, әҳмийетли заманагөй коммуникация объектлерин қурыў бойынша еле алдымызда үлкен ўазыйпалар турғанын, Жаңа Өзбекстанға ҳәзирги дәўир талапларына жуўап беретуғын қүдиретли темир жол санааты, темир жол тармақлары ҳәм хызметлери зәрүр екенин, бәршемиз жақсы түсинемиз, деп ойлайман.

    Тарийхымызда бурын көрилмеген бундай уллы ҳәм жуўапкершиликли ўазыйпаларды әмелге асырыўда биз бәринен бурын терең билим ҳәм үлкен мийнет тәжирийбесине ийе болған, өз жумысы ҳәм кәсибин шын кеўилден сүйетуғын, пүткил өмирин елге хызмет етиўдей уллы иске бағышлап киятырған сиз, жанкүйер ҳәм мийнеткеш темир жолшыларымызға сүйенемиз.

    Сизлер халқымыздың мине усындай жоқары исениминен күш ҳәм илҳам алып, және де нәтийжели мийнет етип, тараўдың раўажланыўын әлбетте жаңа басқышқа алып шығатуғыныңызға исенемен.

    Соның менен бирге, бул тармақтың раўажланыўы ушын және де қолайлы шараятларды жаратыў, сизлердиң мақтанышлы ҳәм машақатлы мийнетиңизди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў буннан былай да мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң дыққат орайында болатуғынын айрықша атап өтпекшимен.

    Сиз, әзизлерди кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға тынышлық-парахатшылық ҳәм бахыт-ығбал, көп қырлы жумысыңызда жаңа табыслар ҳәм әўметлер тилеймен.

    Шавкат Мирзиёев,

    Өзбекстан Республикасы Президенти


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates