Ушырасыўда Өзбекстан - Кувейт қатнасықларын буннан былай да беккемлеў, соның ишинде, жоқары дәрежедеги байланысларды жеделлестириў, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды раўажландырыў мәселелери додаланды.
Ислам дүньясында бирлик ҳәм раўажланыўды қарар таптырыўдағы Кувейттиң орнын қәдирлеймиз. Көрсетилген қызғын миймандослық ушын миннетдаршылық билдиремиз ҳәм бүгинги келисимлеримизди еки мәмлекет халықларының мәпине хызмет ететуғын анық нәтийжелер менен толықтырамыз, - деп жазады СИМ басшысы өзиниң Телеграм каналында.