Бул ҳаққында ӨФА Баспасөз хызмети хабар берди.

Хабарда 2025-жылғы Азия кубоги тек ғана регионаллық жарыс емес, ал Азия футболының келешектеги жулдызларын ашыў ушын әжайып майдан болып хызмет еткени айтылды.

Сондай-ақ, жас футболшылар жарыста өз командаларының табыслы нәтийжеге ерисиўи ҳәм ФИФА U-17 Жәҳән чемпионатына жоллама алыў жолында өзлерин барлық тәреплеме көрсете алғаны атап өтилди.

"Асылбек Алиев бул жас талант Өзбекстанның чемпионлық жолында ең тийкарғы футболшылардан бири болып, ҳүжим сызығын исеним ҳәм салқынлық пенен басқарды. Жарыстың дәслепки төрт ойынында ол бес гол урды ҳәм әжайып ҳүжимшилик шеберлиги менен ажыралып турды. Алиев ақыр-аяғында беллесиўдиң топ урыўшысы, сондай-ақ, Орайлық Азия футболының ең жарқын келешек жулдызы сыпатында үлкен итибарға ийе болды", - делинеди хабарда.