Усы жылдың 13-апрель күни Өзбекстан сайланды командасы БАӘға қарсы ойын өткерди. Бул ушырасыўда сайланды командамыз БАӘ сайланды командасы үстинен 3:1 есабында жеңиске еристи.

Ушырасыўдың биринши бөлиминде дублға ерискен Асылбек Алиев ушырасыўдың 14-минутында-ақ 25 метрли еркин соққыдан өнимли пайдаланып, есапты ашты.

35-минутта Алиев шеп қанаттан Сайфиддин Содиқовтың узатпасын голға айландырған болса, бөлим соңында Содиқовтың өзи пенальтиди анық иске қосып, есапты 3:0 көринисине келтирди.

Тәнепистен кейин БАӘ сайланды командасы 66-минутта бир топ урды - Муҳаммад Бути Альмарар стандарт жағдайдан кейин гол урды. Бирақ бул ойынды өзгертиў ушын жеткиликли болмады.

Усы тәризде Өзбекстан БАӘ сайланды командалары арасында болып өткен ушырасыўда Өзбекстан сайланды командасы БАӘди 3:1 есабында жеңип, U -17 Азия кубогы ярым финалына жол алды.

Финал жолламасы ушын беллесиў усы жылдың 17-апрель күни болып өтеди.